Бүгин, 2020-жылдың 1-июль сәнесинен баслап республикалық жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине қабыллаў ушын ҳүжжетлерди онлайн түрде дизимнен өткериў процеси басланды.

 

Президентимиздиң 2020-жыл 12-июньдағы ПҚ-4749-санлы қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты – http://magistr.edu.uz арқалы әмелге асырылады.

 

Магистратураға қабыллаў Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен коронавирус пандемиясы шараятынан келип шығып, онлайн тест өткериў арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында белгиленген мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында қабыллаў параметрлерине муўапық әмелге асырылады.

 

Магистратураға кириў тест сораўларының қурамына (атап айтқанда, қәнигелик пәнлер бойынша кириў тест сораўларының қурамына) тийисли қәнигелик тараўлары бойынша талабанлардың илимий-педагогикалық уқыплылығын (ямаса илим алыў қәбилетин) анықлаўға бағдарланған тест сораўлары да киргизиледи.

 

Бул ҳаққында ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.