Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл
1-июль күнги мағлыўматларына қарағанда, коронавирус инфекциясына шалынған пуқаралардың улыўма саны 151 болып, еки күннен берли турақлылық сақланбақта.

Соннан 143 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды. Бүгинги күнде 8 наўқас емленбекте.

Ҳәзирги ўақытта 139 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 791 пуқара үйлеринде медициналық бақлаўға алынған.

Мәмлекетимизге сырт еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў даўам етпекте. Усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 5869 пуқара лабораториялық усылда тексерилген. Соннан 3313и Өзбекстан, 2556cы сырт ел пуқаралары. Коронавирус инфекциясы тастыйықланғаны 37. Ҳәзирги күнде 28 наўқас емленип шыққан.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 14471 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген.

Бул кеселлик пенен аўырмаў ҳәм басқаларға жуқтырмаў, аймағымызды «жасыл» зонаға өткериў ушын ҳәр бир пуқара өзинде жекке жуўапкершиликти сезе билиўи, жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўи, зәрүрлик болмаса үйден шықпай басқалар менен қатнаста болыўды азайтыўын және бир мәрте ескертип өтемиз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги