Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Фурқат Сидиқов Қытай Халық Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Сзян Ян менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Қытай қатнасықлары және халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.

Тәреплер болажақ илажларға таярлық көриўдиң әмелий мәселелери бойынша да пикир алысты.

 

ӨзА