Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық кеңеси 2020-жыл 20-апрельден 5-майға шекем «Кеўилли карантин» жойбары тийкарында карантин дәўиринде ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Видео ролик», «Мен салған сүўрет», «Фото көринис», «Аспазлық», «Тигиў-пишиў» бағдарлары бойынша онлайн таңлаў жәриялаған еди.

Сондай-ақ, 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен 19-29-июнь күнлери аралығында «Жаслар менен биргемиз» жойбары тийкарында «Өнерментшилик», «Мен салған сүўрет», «Биатлон», «Мен сүйген қосық» бағдарлары бойынша онлайн таңлаў жәриялады.

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде усы таңлаў жеңимпазларын ҳәм белсене қатнасқан жасларды хошаметлеў илажы болып өтти.

Илажда ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы,  Жоқарғы Кеңес депутаты Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларды байрам менен қызғын қутлықлап, олардың жәмийетимиздиң раўажланыўында тутқан орны ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Илажда таңлаў қатнасыўшыларына диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги