30-июнь күни Америка Қурама Штатларының Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Халилзод ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Адам Болер басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары басланды.

Мийманлар дәслеп Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов пенен ушырасты.

Сөйлесиў алдынан тәреплер Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында өз-ара жақын сиясий қатнасықлардың орнатылғанын, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм әскерий-техникалық байланыслардың беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстан тәрепи Аўғанстанда тезирек тынышлық орнатылыў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратып атырғаны атап өтилди. Пүткил Орайлық Азияның турақлы раўажланыўы усы мәмлекетте де қәўипсизлик ҳүкимдар болыўына тиккелей байланыслы.

Қатнасыўшылар Аўғанстанның сиясий жетекшилери арасында келисим дүзиўге ерисилиўин толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Инклюзив ҳүкимет ҳәм Миллий жарасыў Жоқары Кеңесиниң дүзилиўи сиясий күшлер Аўғанстанның жарқын келешеги жолында бирлесиўине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыў даўамында еки мәмлекеттиң аўған бағдарындағы бирге ислесиўин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, быйыл 27-май күни болып өткен «Өзбекстан – АҚШ – Аўғанстан» үш тәреплеме форматтағы дәслепки ушырасыў Аўғанстан Ислам Республикасын қайта тиклеў ҳәм мәмлекетти регионаллық экономикалық процесслерге белсене қосылыўын тәмийинлеў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе болған механизм екени атап өтилди.

АҚШ ўәкиллери Өзбекстан басшыларының Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиўде регионаллық көзқарасты алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады ҳәм усы бағдарда жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин және бир мәрте атап өтти.

Сөйлесиўлер ўақтында Аўғанстан ҳәм регионымыз арасындағы экономикалық, транспорт-коммуникация байланысларын кеңейтиўге жәрдем беретуғын бир қатар жойбарларды әмелге асырыў ушын АҚШ Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясының қаржыларын тартыў бойынша пикир алысылды.

Структура басшысы Адам Болер DFC Өзбекстанда энергетика, инфраструктура, медицина ҳәм билимлендириў бағдарларындағы жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенлигин мәлим етти.

АҚШ делегациясының мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы