30-Июнь-жаслар күни

Бүгинги күнде мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен жасларға кең имканиятлар ҳәм жетерли шараятлар жаратылып берилмекте. Заманагөй мектеплер, Президент мектеби ҳәмде спорт комплекслери қаншадан-қанша халықтың дем алыў орынлары қурылмақта. Булардың бәршеси-тек жаслар ушын жаратылған имканиятлардың жемиси.

Буннан тысқары, 2019-жыл 19-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында болып өткен видеоселекторда жасларға итибарды күшейтириў, жас әўладты мәденият, көркем-өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан нәтийжели пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, әсиресе мәмлекетимиз басшысы руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны илгери сүрген еди. Мине, усы баслама тийкарында Республикамыздың бәрше аймақларында, қысқа ўақыт ишинде көлемли жумыслар әмелге асырылды. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде республикамыздағы 726 мектепте өткерилип атырған ҳәр қыйлы таңлаўларлар ҳәмде пән олимпиадаларында  тәлим-тәрбия алып атырған жасларымыз ушын кең имканиятлар жаратылды. Соның менен бирге, мектеп оқыўшы жаслары арасында “Сап денеде сап ақыл” дегендей ҳәр қыйлы спорт жарыслары да, турнирлер де жолға қойылып, перзентлеримиздиң кәмил инсан болып жетилисиўинде үлкен хызмет атқармақта.

Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланып киятырған «Жас китапқумар» таңлаўының Өзбекстан Республикалық финал басқышында 15-19 жаслы қатнасыўшылар арасында Нурсулыў Қоқанова 282,9 балл топлап, ең жоқары балл топлап 1-орынды ийеледи ҳәм «Spark» автомобили менен сыйлықланды. Қубла Африка мәмлекетиниң Дурбан қаласында мектеп оқыўшылары арасында болып өткен, Халықаралық математика жарысына Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дамир Дилмуратов қатнасып, командалық есапта бронза медалын алыўға ерискенлигин айрықшы атап өтиў орынлы. Бундай жетискенликлерге ерисиўде Президентимиздиң бүгинги жасларымызға жаратып берген үлкен мүмкиншиликлериниң көриниси.

Сондай-ақ, бүгинги күнде мектеплеримиздиң материаллық-техникалық базалары түп тийкарынан жаңаланды. Атап айтқанда, компьютер класслары, оқыў-лабораториялық ханалар, китапхалар фондының ҳәр қыйлы әдебиятлар менен байыўына ерисилди.

Ҳүрметли жаслар! 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиӊ келешиги болған бәрше жасларды байрам менен қызғын қутлықлайман. Сизлердиң ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, мол табыс, шаңарағыңызға аманлық ҳәмде халық ийгилиги жолындағы пидайы ислериңизде күш-ғайрат тилеймен.

 

А.Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы

Халық билимлендириў министри

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги