30-Июнь-жаслар күни

Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң усы жылы 29-май күнги «Жаслар айлығы»н өткериў ҳәм «30-июнь-«Жаслар күни»н кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылды.

 

 

Усы мүнәсибет пенен тастыйықланған режеге муўапық 1385 жойбар ҳәм илажға 31 мыңнан аслам жас қатнасты. Атап айтқанда, Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен «Бахытлы балалық» жойбары шеңберинде  қала ҳәм районларда жәми 180 үй шараятында билим алып атырған оқыўшылар ҳәм майыплығы болған балалардың ҳал-жағдайынан хабар алынды. 14-июнь-«Донорлар күни» мүнәсибети менен «Жақсылық әлбетте  қайтады» сүрени астында 4 мәрте қан тапсырыў акциясы өткерилип, оған 150 ден аслам жас қатнасты.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес баслама тийкарында жаслар қатнасында «Жас гитарашылар», «Кеўилли жас», «Dance-shou», «Жас программистлер», «Реформалар балалар көз-қарасында», «Балаларға бериң дүньяны», «Объектив» онлайн таңлаўлары,  #meniń_kutubxonam, #men_uddaladim челленджлери шөлкемлестирилди. Жасларды китапқумарлыққа тартыў мақсетинде 84 онлайн таңлаў ҳәм ушырасыўлар өткерилди. «Бес баслама үйде» жойбары бойынша дөретиўши инсанлар, көркем өнер ғайраткерлери ҳәм спортшылар менен онлайн ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

 

 

Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мақсетинде «Үлгили жас шаңарақ», «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» жойбарлары, #Úyde_qal_payda_al челленджи шөлкемлестирилди ҳәм онда 400 ден аслам жас қамтып алынды. Республикамызға белгили исбилерменлердиң мийнет жолы менен жақыннан таныстырыў мақсетинде zoom платформасы арқалы «Табысқа ерисиў сырлары» онлайн ушырасыўлар жасларда айрықша қызығыўшылық оятты. Жаслардың флирансерлик жумысын ҳәм олардың мәлимлеме коммуникация технологияларына болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў мақсетинде онлайн таңлаў және семинарлар өткерилди. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде «Мен жумысқа орналастым» жойбары айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы жойбар тийкарында жаслар аўқамы жергиликли Кеңеслердиң басламасы менен  республикамыздан 220 жас жумыс пенен тәмийинленди.

Тастыйықланған режеге муўапық қайырқомлық илажлары да өткерилди. Атап айтқанда, 181 шаңараққа азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық нықаплар тарқатылды. «Ветеранлар ҳүрметимизде» жойбары тийкарында 184 жалғыз баслы кексе ҳәм мийнет ветеранының ҳал-жағдайынан хабар алынды.

«Ҳәким ҳәм жаслар», «Прокурор ҳәм жаслар» «Сектор басшылары ҳәм жаслар», «Сенатор ҳәм жаслар» онлайн ушырасыўлары пикир-усынысларға бай болды. Усы илажларда жаслар тәрепинен 317 машқала ҳәм усыныс билдирилген болса, соннан 224 усыныс сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Қалғанлары тийисли тараў  басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды. Буннан тысқары, сегиз мәрте «Генерал ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди.

«Жаслар айлығы» даўамында «Камалак» балалар шөлкеми ҳәм аўқам сәрдарлары тәрепинен өткерилген илажларға 16 мыңнан бала қамтып алынды.

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде «Жаслар айлығы» даўамында өткерилген онлайн таңлаўлардың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Онда шығып сөйлегенлер Президентимиз тәрепинен елимиз жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў барысында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған байрам қутлықлаўы айрықша қызығыўшылық пенен күтип алынды.

-Жаслар күни мүнәсибети менен биринши мәрте өткерилген «Made in» таңлаўында жеңимпаз болғанымнан қуўанышлыман,-дейди Шымбай районынан өнермент Азамат Турекеев.-Елимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин миллий өнерментшилик қайта тикленип, бүгинги күни кеңнен раўажланбақта. Өзлериңизге мәлим, Шымбай әзелден өзиниң қара үйлери менен белгили. Өзим бүгин уста дәрежесине жетисип, он бес шәкирт таярлап атырман. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның көпшилик ўәлаятларынан буйыртпалар келип түспекте. Әсиресе, елимизге келип атырған туристлердиң өнимлеримизге болған қызығыўшылығы артып бармақта.

Илаж соңында онлайн таңлаўларының жеңимпазларына Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде  диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

 

 

 

 

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.