Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, район аймағында жайласқан реабилитациялық орайдағы «COVID-19» инфекциясына шалынған наўқасларды емлеў ушын арналған стационарға усы жылдың 27-июнь күни аўыр аўҳалда алып келинген наўқаста өткерилген интенсив емлеў илажларына қарамастан, өткир дем алыў ҳәм жүрек жетиспеўшилиги ақыбетинде арадан еки күн өтип, 29-июнь күни азанғы ўақытта қайтыс болған.

 

Хабарда жазылыўынша, тармақларда қайтыс болған пуқара «Нөкис районының турғыны» деп көрсетилген. Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети бул хабар надурыс екенлиги, қайтыс болған пуқара усы күнге шекем Нөкис қаласында жасап келгенлигин мәлим етти.

 

Мағлыўмат ушын, буннан алдын «Kar24.uz» сайты бул хабарларға анықлық киргизип, дәслепки тест нәтийжелеринде онда вирус инфекциясы анықланбағаны, карантинде болған пуқара спиртли ишимлик ишип, кондиционерди қосып уйықлап қалғаны ақыбетинде дене температурасы көтерилип аўырғаны ҳәм екинши мәрте тексериўден өткерилгенде оның организминде вирус инфекциясы анықланғаны ҳаққында хабар берген еди.

 

– Коронавирустан өлим жағдайы шенде-шен болады. Бул пуқара мәс болып кондиционердиң астында жатып аязлағаны себепли вирус инфекциясы менен қосылып иммунитети төменлеп кеткен. 29-июнь күни пуқара дүньядан өтти, – деп қәнигениң пикирлерин келтирип өткен еди «Kar24.uz» сайты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.