Жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде Нөкис қаласында жасаўшы ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлер qizlar_grantnukus@umail.uz электрон почтасы ямаса Телеграм тармағындағы https://t.me/qizlar_grantnukus топары арқалы онлайн қабыл етиледи. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Ҳүжжетлер дизими:

 

  1. Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы атына АРЗА (үлги тийкарында);
  2. Усы Режениң 2-бәнтинде көрсетилген критериялардың биреўин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (қосымшасы менен);
  3. Мағлыўматнама-объективка;
  4. Улыўма билим бериў мектеби яки орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемесинен мағлыўматнама (диплом, аттестат нусқасы қосымшасы менен);
  5. Паспорт нусқасы.

 

Арза үлгиси

 

Таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлер төмендеги критериялар тийкарында қабыл етиледи:

 

– кем тәмийинленген шаңарақтан шыққан ҳаял-қызлар;

– толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы қайтыс болған ҳаял-қызлар;

– 14 жасқа толмаған еки ҳәм оннан да көп перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайинлеринен бөлек жасап атырған жалғыз ҳаяллардың (ер адамлардың) қызлары;

– жеке турақ жайға ийе болмаған, ижарада жасап атырған шаңарақлардың қызлары (ижара шәртнамасы 24-июньға шекем дүзилген);

– ата-анасының бири ямаса ҳәр екеўи де жумыссыз болған ҳәм жумыс излеп атырғанлар сыпатында халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында есапта турғанлар (24-июньға шекем дизимге алынғанлар);

– майыплығы болған перзентлери болған шаңарақлардан шыққан ҳаял-қызлар;

– жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлар менен қамтып алыў дәрежеси республиканың орташа көрсеткишлеринен еки ямаса оннан артық есеге төмен болған районлар, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақларда жасайтуғын шаңарақлардағы қыз перзентлер (оларды өз аймағында 3 жыл ислеў шәрти менен).

 

Ҳүжжетлерди қабыллаў усы жылдың 8-июль сәнесине шекем ҳәр күни саат 08:00 ден саат 17:00 ге шекем әмелге асырылады.

 

Қосымша мағлыўмат ушын телефонлар:

 

+99861 222-89-92

+99861 222-70-32

+99891 389-50-55

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.