Елликқала районында 30-июньЖаслар күни мүнәсибети менен «Жаслар мийнет гүзары»ның жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими С.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Жаслар күни байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, «Yoshlar – kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде қурып питкерилген  «Жаслар мийнет гүзары» жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Бул жерде оқыў орайы, шаштәрезхана, гөззаллық салоны, тигиўшилик цехы, азық-аўқат өнимлери дүканы, компьютер хызметлери бөлмеси,  келин кийимлери дүканы, миллий тағамлар асханасы ҳәм нанбайхана иске түсирилип, 30 жастың бәнтлиги тәмийинленди. Келешекте жумыс орынлары және де көбейип, 20 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта жаслар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.