Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында, коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азаймаған мәмлекетлерден (қызыл рейслер) Өзбекстанға кирип келген пуқараларға өз қәлеўине қарай 14 күнлик карантин бақлаўы дәўирин ҳақысын төлеген ҳалда мийманханада өткериўдиң ўақытша тәртиби тастыйықланды.

 

Атап айтқанда:

 

– Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен қәлиплестирилген дизимге киргизилген мийманханалар оларға тийисли объектлерди 24 саат үзликсиз қорғаў бойынша Миллий гвардия менен шәртнама дүзеди;

 

– усы мийманханаларда медициналық мәкемелер тәрепинен шәртнама тийкарында күнделикли медициналық хызмет шөлкемлестириледи;

 

– пуқаралар республиканың халықаралық аэропортлары ҳәм шегарадан өткериў пунктлеринен мийманханаларға шекем жол-патруль хызмети ўәкиллериниң бақлаў астында транспорт қураллары арқалы жеткериледи.

 

Сондай-ақ, жоқарыда атап өтилген барлық талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда, карантин бақлаўы дәўирин өткериў ушын мийманханаларға орналастырыў шәрти менен сырт еллердеги Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм Өзбекстан Республикасында турақлы жасаў орнына ийе болған пуқаралығы болмаған адамларды туроператорлар ҳәм авиатасыўшылар тәрепинен де республикаға жеткериў рейслериниң шөлкемлестирилиўине рухсат берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.