Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап:

 

– республиканың барлық аймақларында ири буйым базарлары және буйым саўдасы менен шуғылланатуғын ири саўда комплекслери ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери санитариялық-дезинфекциялық жумысларды әмелге асырыў ушын жабылады;

 

– «қызыл» ҳәм «сары» аймақларда саат 07:00 ден 23:00 ге шекем жәмийетлик орынларда 3 адамнан артық топланыў және 23:00 ден 07:00 ге шекем көшелерде, көп этажлы турақ жайлар ҳәм ҳәўлилер алдында болыў қадаған етиледи.

 

Бунда тек ғана пуқаралардың денсаўлығы төменлегени, ҳәмиледарлығы мүнәсибети менен шыпакер тексериўинен өтиў ушын емлеў мәкемесине ямаса зәрүр болған дәри-дәрмақ сатып алыў мақсетинде дәриханаға барып келиўине рухсат бериледи.

 

Усы талапларды бузған адамларға белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершилик шаралары қолланылады.

 

«Қызыл» ҳәм «сары» аймақларда ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлеринде жәмийетлик транспортлардың ҳәрекети кемейтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.