Рэй БРЭДБЕРИ (1920-2012 ж.ж)

америка жазыўшысы,

илимий фантастика ҳәм фэнтэзи жанры классиги.

 

(2000-жыл Калифорния технология институтының питкериўшилери менен ушырасыўда шығып сөйлеген сөзи)

Мен сизиң жаслығыңызға ҳәўес етемен. Егер жаслыққа қайтыў ҳәм ҳәммесин қайтадан баслаў имканияты болғанда, мен екиленбей және бул жолды таңлайтуғын едим. Өмиримде жүз берген барлық жақсы-жаман күнлер, қәтелер ҳәм машқалаларға қарамастан қайтқан болар едим. Үйленип атырған ўақтымда келиншегиме де дослары: «Турмысқа шығыўға асықпа, ол ҳеш жерге кетип қалмайды», деген. Сонда мен оннан: «Мен айға ушыў, Марсқа саяхат етиўди әрман етемен, мениң менен бирге барасызба?» деп сорағанман. Ол разы болған. Ол кәмбағаллық тонын жамылыўға арланбады. Тойымыз күни менде тек ғана сегиз доллар бар еди. Соннан бес долларын конвертке салып баслаўшыға бердим. Ол «Бул не?» деп сорады. «Бүгинги мәресимдеги хызметиңиз ушын ҳақы» деп жуўап бердим мен. «Сиз жазыўшысыз, дурыс па?» деп сорады ол және. Жуўабымнан соң «Бул ақша еле өзиңизге керек болады», деп қайтып берди. Арадан еки жыл өтип, мен оған үлкен муғдарда чек жибердим.

Мен айырым гүрриңлеримди өзим ушын ерксиз түрде, ишки қайнаўытлаған сезим менен жазғанман. Турмыста ҳәр қандай жағдай да да мине сондай сезимлерге ерк бериў керек.

Мен айтқан жигирма жылдан соң. сен жүз жаста боламан. Мен сонда да жасап атырған болып, айырымларыңыз бенен және ушырасыў үмитиндемен. исенемен, сол ўақытта, «бул жигирма жылды неге самалға ушырдыңыз?» деп сизлерге ашыўланыўға қәжет қалмайды.

Не болыўына қарамастан, ҳәрекет етиң, алға умтылыўдан тоқтамаң! Әлбетте, қәтелер де болыўы мүмкин, бул дүньяда абсолютлик жоқ. Мен хеш кимниң хеш қашан нәзери түспейтуғын мыңлаған сөзлерди жазғанман. Мен дөретиўшилик толғағынан қутылыў ушын оларды жазыўым шәрт еди. Кейин және көплеген басқа нәрселер жаздым. Сол тәризде, жақсылары қалады, ескилери болса гөнереди.

Және атап өтетуғыным, телевизорды өз ҳалына қойың, Интернетке де кире бермең, себеби, ол жерлде керексиз нәрселер оғада көп. Имканияты барынша китапхана менен дос болың, илажы болса, сол жерде жасаң. Итибар берсеңиз, мен колледжде оқымағанман, бирақ китапханаға барыўды тоқтатпағанман. Соңғы елиў жыл даўамында тийкарғы баратуғын орным китапхана болған.

Енди болса сизиң бул әлемдеги орныңыз ҳаққында қысқаша айтпақшыман. Сиз бул әлемге планета барлығы ушын да жайласқансыз. Егер адамзат болмағанда, планетаның бар екени де өз мәнисин жоғалтатуғын еди. Сонлықтан сизиң ўазыйпаңыз – Планета бөлекшеси сыпатында оның бар екенлигин сезиниў. Бул ўазыйпа сизлерге Жаратқан тәрепинен берилген.  Өз жаратылысыңызға сай болған ҳалда ким болып туўылғаныңызды, туўылыў не ҳәм турмыста нелер ислеў керек екенлигин түсиниў – тийкарғы ўазыйпамыз.

Негизинде, инсан туўылғанда Жаратқан тәрепинен оның тәғдири жазылады. Қандай өмир жазылмасын, инсан, әсиресе. дөретиўши өмирге бир мәрте келетуғынын терең түсинген ҳалда планетаның бир бөлеги екенин сезиўи ҳәм берилген өмир деген инам ушын миннетдар екенлигин билдире алыўы, қәбилетин көрсете билиўи шәрт.

Бүгин бул жерде жигирма ямаса отыз жылдан соң Марста жасаўы мүмкин болған бир қанша инсан отыр. Мен сизлерге ҳақыйқатында ҳәўес етемен. Мен Қызыл планетаға инсан табаны тийген күнге шекем тири болыўды әрман етемен. Мен буннын бир неше жыл алдын Викинг Ландер космос кемеси сол планетаға қонғанда, реактив ҳәрекет лабораториясында болғанман. Ол жерде Карл Саган, Брюс Мюррей ҳәм басқа да бир қанша белгили адамлар бар еди. Марстан дәслепки сүўретлер келгеннен соң, Рой Нилл «Мырза Брэдбери, буған не дейсиз? Отыз жылдан берли планетада өмир бар екенлиги, марсианлардың өмири ҳаққында жазасыз. Мине, ҳәзир биз марстамыз, бул жерде өмир жоқ. Қалалар да жоқ, марсианлар да…»деди. «Марста марсиан бар, бүгиннен баслап биз марсиан боламыз», деп жуўап қайтардым. Күнлердиң биринде, түнде, елиў ме ямаса алпыс па жыллар өтип, сизлердиң қай бириңиз марста болатуғыныңызға исенгим келеди. Сизлер ол жерге «Марс күнделиклери»н – улыўма илимий болмаған шығарманы алып барың. бул шығарманың тийкарында Греция, Рим, Египет, Скандинавия аңызлары жатады. Мен оны фактлерге емес, фантазиямда, түсимде, қыялымда жаратқанман.

Усы ўақытқа шекем ҳәзир сизлерге айтқан сөзлеримди жеткериў имканияты болмаған еди. Ҳәзир болса айтаман – келешек, егер оның менен ислесе алсаңыз, бизлерге тийисли болады, әлбетте. Биз Айға барып қайтамыз, ол планетада қалмаўымыз керек еди. Биз шексиз космосқа жол алыў ушын, әлбетте Марсқа жетип барамыз.

Итибарыңыз ушын сизлерге үлкен рахмет.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.