2020/2021 оқыў жылының қабыллаўында Жоқары оқыў орынларына кириў сынақларында қатнасыў ушын сырт елден турып дизимнен онлайн өткен абитуриентлер Өзбекстанға тест сынақлары басланыўынан кеминде үш ҳәпте алдын келиўи керек болады.

Бул ҳаққында бүгин, 25-июнь күни Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Барно Ражабов мәлим етти.

Сырт елден келген абитуриент коронавирус пандемиясы мүнәсибети менен енгизилген карантин талапларын толық орынлағаннан кейин, Санитариялық-эпидемиология ҳәм тынышлық агентлиги усынған жуўмақлары тийкарында тест сынақларына киргизиледи.

Тест сынақлары быйылғы жылы август айында үлкен сыйымлы имаратларда өткериледи. Абитуриент өзи сайлаған аймақта, Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен онлайн тәризде усынылатуғын рухсатнамасында белгиленген сәне ҳәм ўақытта тест сынақларында қатнасады.

Имтиханларда абитуриентлердиң ата-аналары ушын өз алдына күтиў (жыйналыў) орынлары шөлкемлестирилмейди, олар барлық имаратлардағы тест сынақларын (test2020.uz сайты арқалы) онлайн бақлап барыўы мүмкин.

Тест сынақлары өткерилетуғын аймаққа ҳәм имаратқа микрокалькулятор, сөзлик, кесте, китап, қол телефоны, компьютер, телекоммуникация қураллары, шпаргалкалар ҳәм усындайлар менен кириўи қадаған етиледи.

Еслетип өтемиз, тест сынақлары абитуриент танлаған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес еки пәннен өткериледи.

Тест тапсырмаларының саны 60 ты қурайды. Онда, биринши пән бойынша 30 сораў, ҳәр бир сораўға 3,2 балл бериледи ҳәм 96 баллды қурайды, екинши пән бойынша да 30 сораў, ҳәр бир сораўға 3,1 балл бериледи ҳәм 93 баллды қурайды. Ең жоқары балл 189 ды қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги