«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең – 23-июнь күни Қазақстаннан атмосфералық фронт өтиўи менен Өзбекстан ҳаўа райы шараятларының өзгериўи күтилмекте. Қарақалпақстанда ҳаўа бираз бултлы болады, айрым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Шығыстан ескен самал бағдарын өзгертип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айрым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура түнги ўақытта 19-24°С, күндиз 35-40°С болыўы күтиледи.

 

24-25-июньда ҳаўа райы жаўын-шашынларсыз болады. Температура түнги ўақытларда 19-24°С, күндиз 35-40°С болыўы күтиледи.

 

26-июнь күни Қарақалпақстанға Волгабойы аймақларынан салқын антициклонның кирип келиўи күтилмекте. Ҳаўаның температурасы 8-10 градусқа түсип, 27-30°С ты қурайды, бул нормадағы температурадан 5-6 градусқа төмен болып есапланады. Түнги температура болса нормасында сақланып қалады – 19-24 градус болады. Салқын фронт өтиўи менен және самал күшейип, 15-20 м/с тезликте есиўи прогноз етилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.