Кеше Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районындағы «Ўртасарой» карантин орайында сақланып атырған 42 жаслы пуқара өзин-өзи асқаны ҳаққында хабарлар тарқалған еди. Бас прокуратураның баспасөз хызмети жағдай бойынша «Xabar.uz» сайтына толық мағлыўмат берди.

 

Хабарда жазылыўынша, Ферғана ўәлаятының Риштон районынан болған пуқара С.С. усы жылдың 15-июнь күни «Өзбекстан ҳаўа жоллары» тәрепинен шөлкемлестирилген чартер рейс арқалы «Москва-Ташкент» жөнелисинде ушып келген барлық жолаўшылар қатарында Жоқары Шыршық районындағы «Ўртасарой» карантин орайына орналастырылған.

 

С.С. дәслебинде карантин орайындағы 4 адамға арналған контейнерге орналастырылған. Бирақ өзин агрессив тутып, аўқатланыўдан бас тартып, вирусқа шалынғанын айтып, айрықша бөлмеге орналастырыўды талап еткен. Оның талабынан келип шығып, сондай-ақ, орайда тынышлықты сақлаў мақсетинже ол айрықша бөлмеге өткерилген.

 

Ертеңине С.С. психиатр тексериўинен өткерилип, оған «психоз» диагнозы қойылған.

 

Арадан төрт күн өткеннен соң, яғный 20-июнь күни азанда, аўқат алып келген мийирбийке пуқара С.С.ти контейнерге орнатылған кондиционердиң пәтпелегине таўар менен өзин асқан ҳалда көрген.

 

Мархумның мойын бөлегиндеги странгуляциялық белгиден тысқары басқа түрдеги дене жарақатлары анықланбаған, сондай-ақ, Вирусологиялық орай қәнигелериниң дәслепки жуўмақларына қарағанда, онда «COVID-19» коронавирусының белгилери де анықланбаған.

 

Ҳәзирги ўақытта Жоқары Шыршық районлық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери даўам етпекте. Тергеўге шекемги тексериў шеңберинде аянышлы ўақыяның себеплерин анықлаў мақсетинде Ферғана ўәлаяты Риштон районлық ИИБ баслығына айрықша тапсырма берилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.