Елимизде енгизилген карантин жағдайы тест сынақларын өткериўге кесент етиўи мүмкин бе, ҳәзирги жағдайда абитуриентлерге қандай жеңилликлер жаратылады!

Бүгинги инфекция пүткиллей сапластырылмаған шараятта абитуриентлердиң мың орынлық имаратларда 3-4 саатлап қалып кетиўине жол қойып болмайды. Сонлықтан 700 орынлықтан көп болмаған имаратлар таярланып, онда ҳәр бир абитуриент ушын кеминде 3 метр квадрат майдан ажыратылады. Санитария-гигиена талапларына бола, оларға бир мәртелик маска ҳәм қолғап пенен тестте қатнасыў белгиленди, абитуриенттиң дене температурасы өлшенген ҳалда имаратқа киргизиледи. Имаратлар кеминде 4 мәрте дезинфекция етиледи. Булардың барлығы ең алды менен тест сынақлары қатнасыўшыларының денсаўлығы, қәўипсизлиги ушын әмелге асырылады.

Сондай-ақ, абитуриентлер тест сынақларын тез шешиўи ушын тест тапсырмалары әпиўайыластырылып, олар 3 қурамалы дәрежесинде қәлиплестириледи. Биринши қурамалы дәрежесиндеги тест тапсырмалар ислениўи, орынланыўы аңсат болған тест тапсырмалары болып табылады. Алдыңғы жылларда өткерилген тест сынақларында ҳәр бир пәннен алтаўға шекем биринши қурамалы дәрежесиндеги тест тапсырмалары берилетуғын еди. Усы жылдан баслап болса, ҳәр бир вариантта қолланылатуғын биринши қурамалы дәрежесиндеги тест тапсырмаларының саны орташа 10ға шекем жеткерилмекте. 2019-жылы қабыллаў тест сынақларында жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги жаңа тест тапсырмалары қолланылған еди. Усындай сораўлардан быйылғы  имтиханларда да қолланылады. Абитуриентлер тест тапсырмаларын логикалық пикирлеп тез түсиниўи ушын быйылғы жылда да тарийх, география ҳәм шет тили (инглис, немис, француз тили) пәнлеринен де сүўретли тест тапсырмалары қәлиплестирилмекте.

Ана тили ҳәм әдебияты пәнинен (өзбек, рус, қарақалпақ) еркин оқыў ушын усыныс етилген көркем шығармалардан тест тапсырмаларының саны көбейтиледи. Сондай-ақ, логикалық пикирлеўди раўажландырыў мақсетинде текстли тестлер, яғный текст үстинде ислеўге байланыслы тест тапсырмалары дүзилип атыр. Текстли тест тапсырмаларында тексттиң ишиндеги сөзлердиң дурыс қолланғанлығын ҳәм гәплердиң дурыс дүзилгенлигин анықлаў, тексттеги сөзлердиң мәнисин табыў ҳәм тексттиң тийкарғы мазмунын түсиниў талап етиледи. Буннан тысқары, биология ҳәм химия пәнлеринен сүўретли тест тапсырмаларының саны арттырылмақта. Химия пәнинен әмелий тест тапсырмалары саны арттырылып, лаборатория жумысларына байланыслы тест тапсырмалары жаратылмақта.

Физика пәнинен де теориялық тест тапсырмаларының саны арттырылған ҳалда биринши қурамалы дәрежесиндеги тест тапсырмаларының саны алтаўдан онға шекем көбейтилмекте. Абитуриентлерге қолайлық жаратыў ушын турақлы физикалық муғдарлар кестеси ислеп шығылды ҳәм ол тест сынақларын тапсырыў процесинде усынылады.

Бул жаңалық ҳәм өзгерислердиң барлығы жаслардың жоқары мағлыўматлы жетик кадрлар болыўы ушын жаратылмақта.

 

М.АБДУЛЛАЕВ,

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги