Улыўма орта билим бериў меткеплеринде 2019-2020-оқыў жылын жуўмақлаў ҳәм оқыўшыларды аттестат пенен тәмийинлеў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң буйрығы жәрияланды.

Оған бола,

  • 5-июньге шекем питкериўшилерге аттестат (аттестат ҳәм сертификат) бланкаларына қойылатуғын жуўмақлаўшы баҳалар attestat.uzedu.uz электрон системасына киргизиледи ҳәм белгиленген тәртипте рәсмийлестириледи;
  • 15-июньге шекем басып шығарылған аттестатлар электрон түрде (сканер) питкериўшилерге жеткериледи;
  • таярланған аттестатлар, алтын ҳәм гүмис медальлар аймақта эпидемиологиялық жағдай жақсыланғаннан кейин оқыўшыларға тапсырылады.
  • аттестатлар, алтын ҳәм гүмис медальлар эпидемиологиялық жағдай жақсыланып, оқыўшыларға тапсырылғанға шекем барлық қәўипсизлик илажлары көрилген ҳалда улыўма орта билим бериў мәкемесинде сақлап турылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги