UzAuto Motors компаниясы қарыйдарларға карантин дәўиринде автомобиль сатып алыўда қолайлық жаратыў мақсетинде гезектеги акцияны жәриялады.

«Сизде төменде көрсетилген модельдеги автомобильлердиң 70 процент қаржысы бар ма?  Онда сиз усы қаржыны төлеп, қалған сумманы процентсиз көрсетилген мүддетлерде бөлип төлеўиңиз мүмкин:

– Spark 3 -позиция A5 (12 ай)

– Nexia 4 -позиция A5 (12 ай)

– Lacetti 1 -позиция MT/Comfort Plus  (18 ай)

– Lacetti 3 -позиция Elegant Plus (18 ай)

– Lacetti 1 -позиция ГБУ ҳәм ГБУ Plus (18 ай)

Буннан тысқары, усы модельдеги автомобильлердиң 60 процент төлемин әмелге асырып, қалған сумманы көрсетилген мүддетлерде жыллық 12 процент үстеме менен төлеўиңиз мүмкин» делинеди компанияның хабарында.

Сондай-ақ, Trailblazer автомобилиниң 50 процент дәслепки төлемин әмелге асырып, қалған суммасын 24 ай даўамында жыллық 12 процент үстеме менен төлеў ямаса 60 процент дәслепки төлемин төлеп, қалған суммасын 24 ай даўамында процентсиз 0 процент бөлип төлеў имканияты да жаратылды.

«Еслетип өтемиз, карантин дәўиринде сиз сатып алыўды рәсмий дилерлерге қоңыраў (http://uzautomotors.com/price/diler_call_markazi) еткен ҳалда әмелге асырыўыңыз мүмкин», – делинеди хабарда.

Атап өтиўинше, дилер тәрепинен қарыйдарлардың үйден шықпай сатып алыўды әмелге асырыўы ушын барлық имканият жаратылады.

Акция 2020-жылдың 24-апрелинен 10-майына шекем даўам етеди.

Толық мағлыўматты +998 78 141 7777 номерлери арқалы компанияның Call-орайынан алыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги