Дүнья жүзи бойлап тарқалып атырған коронавирус пандемиясының елимиз аймағына кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў барысында пуқаралардың шегараларымыз арқалы ҳәрекетлениўинде айырым шеклеўлер енгизилген.  Бул шеклеўлер халықаралық жүк тасыўларға тәсир етпейтуғынлығы ҳүкиметимиз тәрепинен белгилеп берилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы қарамағындағы 3 сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында бүгинги күни де жумыс жеделалып барылмақта. Бул постларда  исбилерменлик субъектлери ҳәм сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыўда жақыннан жәрдем берилип, үзликсиз бажыхана рәсмийлестирилиўи әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, елимиз шегаралары арқалы пуқараларымыздың ҳәрекетлениўине айырым шеклеўлер орнатылған усы жылдың 16-мартынан баслап 25-март күнлери аралығында Бажыхана басқармасы арқалы салмағы 14369 тонна, баҳасы 9 миллион 513 мың АҚШ долларына тең болған өнимлердиң экспорты әмелге асырылған. Тийкарғы экспортёрлар жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги «Uz-KoR Gas Chemical» қоспа кәрханасы, «UZKIMYOIMPEKS», «KARAKALPAK ARAL TRAVEL», «AMUDARYOTEX», «KANTEKS INVEST» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери есапланады. Өнимлердиң экспорты тийкарынан Россия Федерациясы, Түркия, Қытай Халық Республикасы, Қазақстан, Латвия ҳәм Украина сыяқлы мәмлекетлерге әмелге асырылған.  Экспорт етилген өнимлер полиэтилен, ийирилген жип, артемия цистасы, кальцийли сода, боян тамыры ҳәм экстрактин қурайды.

Елимизде жәрияланған карантин шараятында исбилерменлик субъектлери өз жумысларын тосқынлық ҳәм шеклеўлерсиз әмелге асырыўы ушын жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып келмекте. Атап өтетуғын болсақ, бир ғана жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги «Uz-KoR Gas Chemical» қоспа кәрханасы карантин жәрияланғаннан берги өткен он күн даўамында салмағы 10405 тонна, баҳасы 6 миллион 988 мың АҚШ долларына тең болған өним экспортын әмелге асырған.

Сондай-ақ, усы жылдың 16-мартынан баслап 25-март күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы арқалы жәми 37 исбилерменлик субъекти тәрепинен Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Латвия, Қазақстан сыяқлы 11 мәмлекеттен салмағы  5334 тонна, баҳасы 2 миллион 656 мың АҚШ долларына тең болған өним импорты әмелге асырылған. Бул өнимлердиң көпшилик бөлегин ыссыхана конструкциялары, нефът өнимлери, ағаш-тахта, технологиялық әсбап-үскене ҳәм бийдай өними қурайды.  Усы дәўир аралығында бажыхана басқармасы тәрепинен салмағы 94 тонна, баҳасы 97 мың 380 АҚШ долларына тең болған балық, маргарин, сүт ҳәм сүт өними сыяқлы азық-аўқатлық затлар импортқа рәсмийлестирилген. Бул өнимлердиң импорты Россия Федерациясы, Латвия, Бельгия ҳәм Қазақстан мәмлекетлеринен әмелге асырылған.

Қәнигелердиң атап өткениндей, өнимлердиң импортын әмелге асырыў процесинде шегара бажыхана постларында шөлкемлестирилген бажыхана санитариялық-карантин пунктлери тәрепинен мәмлекетимиз аймағына сырт еллерден кирип келген товарлар дизинфекцияланып, соң бажыхана хызметкерлериниң арнаўлы қорғаныў кийимлеринде бажыхана тексериўинен өткерилиўи әмелге асырылмақта. Ҳәзиргидей сынаўлы күнлерде мәмлекетимиздиң экономикалық турақлылығын тәмийинлеўде, халқымызға зәрүр болған тутыныў затларының үзликсиз  жеткерилип берилиўинде бажыхана уйымларының алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды  тараў хызметкерлери азаматлық парызы деп билген ҳалда шын кеўилден атқарыўға ериспекте.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.