Пүткил жер жүзине тарқалып баратырған, соның ишинде елимизге де кирип келген коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде тийисли тараў қәнигелери тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде бул илажлар дерлик барлық тараўларды қамтып алды.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен ҳаўа транспорты тараўында Нөкис халықаралық аэропорты арқалы әмелге асырылып келинген «Нөкис – Москва», «Нөкис – Ташкент» (Өзбекстан ҳаўа жоллары) ҳәм «Нөкис – Москва» (Уральские авиалинии) жөнелисиндеги авиақатнаўлар, сондай-ақ, барлық чартер рейслер бийкар етилди.

– Темир жол транспорты тараўында Қарақалпақстан Республикасы аймағынан ҳәрекетленетуғын «Мискин – Бейнеў – Мискин» ҳәм «Ташкент – Қоңырат – Ташкент» жәнелисиндеги темир жол жолаўшы поездларының қатнаўы да тоқтатылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри А.Бердиев. – Сондай-ақ, барлық халықаралық автобус қатнаўлары бийкар етилди.

Атап айтқанда, «Мироншоҳ Гранд Транс» ЖШЖ басқарыўындағы «Нөкис – Алма-ата» халықаралық жөнелисиндеги жәми 6 автобустың қатнаўы шекленди.

Сондай-ақ, республикамыз ишиндеги ўәлаятлараралық (қалалараралық), «Нөкис АВ – Ташкент АВ – Нөкис АВ», «Беруний АВ – АВ Үргениш»,  «Маңғыт АС – Гүрлен АС» жөнелисинде қатнайтуғын автобуслардың усы жөнелислерде қатнаўы ўақтынша шекленди.

Нөкис автовокзалы жанындағы нызамсыз питакларда «Нөкис – Ташкент» жөнелисинде нызамсыз түрде адам тасып жүрген айдаўшыларға түсиник жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, министрликтиң инспекторлары «Бес төбе» блок постында күни-түни ўәлаятлараралық (қалалараралық) жөнелислерге кетип баратырған транспорт басқарыўшыларына коронавирус инфекциясының алдын алыў бойынша түсиник жумысларын әмелге асырмақта.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының хызметкерлери менен биргеликте республикамыз ишинде қатнайтуғын барлық жөнелисли автомобильлерди автовокзал, автостанция, гараж ҳәм соңғы бәндиргилерде ҳәр төрт сааттан дезинфекциялаў жумыслары жолға қойылды. Нықаплар бийпул  тарқатылмақта.

Буннан басқа темир жол транспорты арқалы ҳәр қыйлы ўақытларда сырттан келген пуқараларды ҳәм оларға хызмет көрсетиўшилерди 14 күнлик карантинде сақлаў ушын Нөкис темир жол вокзалынан тийисли орынларға жеткериў ушын автототранспортлар менен тәмийинлеў жумыслары орынланбақта. Атап айтқанда, Қазақстан Республикасы менен шегаралас болған «Қарақалпақстан» елатлы пунктинде қалып кеткен 41 пуқараны 24-март күни саат 03-00 де арнаўлы поезд бенен алып келиў шөлкемлестирилип, усы пуқараларды арнаўлы карантин зонасына алып барыў ушын министрлик тәрепинен 3 автобус ажыратылды.

Коронавис тарқалыўының алдын алыў илажлары даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.