Елимизде коронавирусқа байланыслы жүзеге келген жағдай себепли UzAuto Motors компаниясы қарыйдарларға автомобильди үйинен шықпастан аралықтан турып сатып алыўды усыныс етпекте.

Онда сиз автомобильлерди төмендеги тиккелей жоллар арқалы сатып алыўыңыз мүмкин:

Uzavtosavdo қосымшасы;

@uzautosanoat_bot Телеграм-бот.

Рәсмий дилерлерге қоңыраўды әмелге асырған ҳалда жеткерип бериўди жолға қоймақта.

Төлемди коммерциялық банклерде процентсиз «MUNIS» төлем системасы арқалы хызмет ушын қосымша төлемсиз әмелге асырыў мүмкин.

Эпидемиологиялық жағдай жақсыланғанға шекем компания шәртнама бойынша төлем әмелге асырыў мүддетин 7 ден 21 күнге шекем созылған.

Соның менен бирге компанияның барлық дилерлик орайлары турақлы штат режиминде жумыс алып бармақта. Кәрхананың барлық дилерлик кәрханаларында қәўипсизлик илажлары көрилмекте:

Антисептик қураллы үскенелер орнатылған;

Арнаўлы араласпалы бүркиўшилер менен дизенфекцияланбақта;

Хызметкерлер қорғаныў маскалары ҳәм антисептик қураллары менен тәмийинленген.

 

ӨзА