Республика аймағына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажларды муўапықластырыў штабының мағлыўматларына қарағанда, усы күнге шекем республикамызға 2000 транспорт (соннан 1936 автотранспорт, 30 поезд, 38 самолёт) кирип келген. Усы транспортларда кирип келген 15657 пуқараның 2618и сырт ел пуқаралары болып есапланады.

– Бүгинги күнге шекем 641 пуқара медициналық бақлаўға алынды, солардың 101 и карантин даўамында коронавирус кеселлиги анықланбағаны ушын 14 күнлик медициналық бақлаўдан шығарылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының биринши орынбасары, Муўапықластырыўшы штаб баслығының орынбасары Б.Оразбаев. – Ҳәзирги ўақытта жағдай толық қадағалаўға алынып, район (қала)лық медицина бирлеспелеринде ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларында тийисли хызметлер менен биргеликте оператив штаблар ислеп турыпты.

Коронавирус анықланғанда тез медициналық жәрдем хызметин шөлкемлестириў мақсетинде Нөкис қаласында 3, районларда 16 арнаўлы тез медициналық жәрдем көрсетиў бригадалары шөлкемлестирилди.

Емлеў-профилактикалық мәкемелеринде коронавирус инфекциясына таярлық көриў мақсетинде республикамыз бойынша жәми 83 изоляцияланған, 13 ярым изоляцияланған палаталар ҳәм наўқаслар ушын 96 резерв орынлары шөлкемлестирилип, керекли дәри-дәрмақлар менен тәмийинленди ҳәм наўқасларды қабыллаўға таяр ҳалатқа келтирилди.

Сондай-ақ, барлық қала ҳәм районларда дезинфекциялаў бригадалары шөлкемлестирилип, дийқан базарлары, саўда дүканлары, автовокзал, темир жол вокзаллары, автотранспорт қураллары ҳәм басқа да жәмийетлик орынларда дезинфекциялаў илажлары әмелге асырылмақта. Өткен бир күнде жәми 68212 м2 майданға ийе орында және 1020 автотранспорт қуралларында дезинфекциялаў жумыслары исленди. Дезинфекциялаў жумысларында гипохлорид кальций ҳәм АБК хлорактив еритпелеринен пайдаланылмақта.

Дүзилген арнаўлы үгит-нәсият топарлары тәрепинен дийқан базарларында, саўда комплеклеринде ҳәм басқа да орынларда пуқаралар арасында коронавирустан сақланыў бойынша түсиник жумыслары өткерилип, 40 мыңнан аслам арнаўлы буклетлер тарқатылды.

Республикамыз аймағына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.