Халықтың машқалаларын анықлаў, олардың аўырын жеңил етиўде мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң орынлардағы Халық қабыллаўханалары ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе.

Президентимиздиң 2019-жыл 2-апрельдеги «Халықтың машқалалары менен ислесиўде мәҳәлле институтының абырайын түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде мүрәжатлар менен ислесиў, халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў бойынша «мәҳәлле – сектор – Халық қабыллаўханасы – мәҳәлле» принципи тийкарында бирге ислесиў системасы енгизилди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Әмудәрья  районындағы «Қылышбай» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы Баҳрам Қәдиров. – Соның ишинде, аймағымызда социаллық-мәнаўий орталықтың турақлылығын сақлаўда кексе әўлад ўәкиллери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының напақадағы хызметкерлери бай турмыслық тәжирийбесинен өнимли пайдаланыў мақсетинде «Кекселер мәсләҳәти» топарлары шөлкемлестирилди.

Өткен жылда аўыл пуқаралар жыйыны «Абат аўыл» Мәмлекетлик бағдарламасына киргизилиўи мүнәсибети менен аймақта кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Бағдарлама тийкарында 75 пуқара жәмийетлик жумысларға тартылды. Аўыл пуқаралар жыйыны имараты толық реконструкцияланды ҳәм еки мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты жаңадан қурылды. Аўыллық шаңарақлық поликлиникасының имараты оңланыўы нәтийжесинде халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасы және де жақсыланды. Орайлық көшеге түнги жақтыландырғышлар қойылып, пиядалардың жоллары қурылды. 11 километр узынлықтағы ишки көше оңланды. Халықтың турақ жайларын оңлаў ушын жеңилликли кредитлер ажыратылмақта. Кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаўда әмелий жәрдем көрсетилди. Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў шақапшасы иске түсирилди. Жолдың бойларына бәндиргилер қурылып, автобус қатнаўы жолға қойылды.

photo_2020-03-24_15-28-23.jpg

Суўғарылатуғын салмалар тазаланып, халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўына толық имканият жаратылды. Сондай-ақ аймақтағы коллекторлардың қазылыўы жерлердиң нәтийжелилигин және де арттырды.

Мәмелекетимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өтилгенидей, «Адамның мәплери ҳәмме нәрседен үстин» принципи тийкарында, халқымыздың турмысын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли социаллық реформаларды даўам еттириў, оның ушын биринши гезекте халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм оның социаллық қорғалыўын күшейтиў – биз ушын бас ўазыйпалардан бири болып қалады. Сол себепли кәмбағаллықты азайтыўдың бирден-бир жолы – бул исбилерменликти раўажландырыў, сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў болып есапланады.

Аўыл пуқаралар жыйынымызда да исбилерменликти раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, буған халықты, соның ишинде, жасларды көбирек тартыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда 7 пуқараға 430 миллион сум муғдарында кредит алыўда әмелий жәрдем көрсетилди.

Жас исбилермен Жавлонбек Маткаримов жеңилликли кредит есабынан исбилерменлик жумысын баслады. Ол қурып иске түсирген «Фитнес клуб» имараты аўыл көркине көрик қосыў менен бирге халыққа хызмет көрсетпекте. Исбилерменликти раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған Турсунбой Мадаминов ҳәм Зулхумор Қодировалардың басламасы менен көп қабатлы саўда орайы иске түсирилди.  Юлдаш Раҳимберганов тәрепинен 22-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қараслы үй бақшасы иске түсирилип, 10 адамның бәнтлиги тәмийинленди.

Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышлап «Наўрызың – жаңа күн, жаңа дәўириң мүбәрек, жанажан Өзбекстаным:» сүрени астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилигинде белсене қатнасты. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында гүл нәллери, мийўели ҳәм саяманлы тереклерди егиў, тереклерди ҳәклеў ҳәм путаў жумыслары менен бир қатарда социаллық қорғаўға зәрүр кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған шахслар, жалғыз кекселер, кем тәмийинленген, бағыўшысынан  айырылған шаңарақлардан хабар алынып, турақ жай шараятын  жақсылаўға жәрдем берилди.

photo_2020-03-24_15-28-24.jpg

Усы күнлерде халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, азық аўқат өнимлерин көбейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жумыслары бойынша дүзилген жумысшы топар кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларын алып бармақта. Ҳәр бир шаңарақта қус ҳәм қара малдың бас санын  өткен жылға салыстырғанда көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы ўазыйпаларды орынлаўда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәҳәллелердиң материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў ҳәм тараў хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип баҳалаў тийкарғы фактор болып хызмет етпекте.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиң шолыўшысы.