2020-жыл 24-март күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси болып өтти. Онда тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде болып өткен жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилисте Сенат ағзалары тәрепинен бир қатар нызам ҳүжжетлери додаланды.

Сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Нызамда карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа дурыс келмейтуғын мағлыўматларды тарқатқанлығы, сондай-ақ, оларды басып шығарыў ямаса басқаша усылда көбейтилген текстте ямаса ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет пүткил дүньялық мәлимлеме тармағы арқалы тартқатқанлығы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў, соның ишинде, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм тарқалыўы шараятында Мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымларының медициналық тексериўден ҳәм емлениўден өтиў, карантинди өтеў ушын белгиленген жерлерге жетип барыў ҳәм усы жерди белгиленген мүддет даўамында тәрк етпеў, кеселлик жуғыўы мүмкин болған дәўирде сөйлескен шахслар ҳәм олар барған жерлер ҳаққындағы мағлыўматларды анықлаў ҳаққындағы ямаса басқа да нызамлы талапларды кеширимли себеплерсиз орынламаў адамлардың ғалабалық кеселлениўи ямаса зәҳәрлениўиниң реал қәўипин келтирип шығарған болса ямаса адамлардың ғалабалық кеселлениўине ямаса зәҳәрлениўине алып келген болса, жынайый жуўапкершилик күшейтилмекте.

XPI_2584.jpg

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм тарқалыўы шараятында медициналық харектердеги мәжбүрлеў илажын қолланыўды нәзерде тутатуғын норма менен толықтырылмақта.

Соның ишинде, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпаллы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм тарқалыўы шараятында санитария ҳәм эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлыққа жол қойған шахсқа тийисли медициналық тийкарлар бар болған жағдайда мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымлары тәрепинен карантинде сақлаў ямаса емлениў тәризиндеги медициналық характердеги мәжбүрлеў илажларының қолланылыўы мүмкин.

Медициналық характерлердеги мәжбүрлеў илажлары 30 суткаға шекем болған мүддетте ҳәкимшилик жаза тайынлаў менен бирге қолланылады ҳәм мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымлары тәрепинен белгиленген орынларда өтелиўи тәмийинленеди.

Медициналық характердеги мәжбүрлеў илажларының орынланыўы мәмлекетлик санитариялық қадағалаў, ишки ислер ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы уйымлары тәрепинен тәмийинленеди.

XPI_2605.jpg

Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм тарқалыўы шараятында жәмийетлик орынларда маскасыз жүриў, соның ишинде, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм тарқалыўы шараятында емлеўханадағы ишки тәртипке әмел етпеў ҳәм Мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымларының медициналық тексериўден ҳәм емлениўден өтиў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларға жетип барыў ҳәм усы жерди белгиленген мүддет даўамында тәрк етпеў, кеселлик жуғыўы мүмкин болған дәўирде байланыста болған шахслар және олар барған орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды анықлаў ҳаққындағы ямаса басқа да нызамлы талапларды кеширимли себеплерсиз орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Соның менен бирге, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ямаса тарқалыўының алдын алыў мақсетинде белгиленген мәжбүрий қағыйдаларды бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилмекте.

Буннан кейин Сенат ағзалары «Пуқаралардың жеке ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға қаратылған нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.

Усы Нызам менен «Оператив-излеў жумысы ҳаққында»ғы, «Адвокатлық жумыстың кепилликлери ҳәм адвокатларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы нызамларға ҳәм Жынаят-процессуаллық кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

XPI_2529.jpg

Соның ишинде, Миллий гвардияға төмендеги ўәкилликлерди жүклеў нәзерде тутылмақта: оператив-излеў илажларының төмендегилерден ибарат жаңа түрлерин енгизиў, оператив-излеў жумысларының дизимин ҳәм бундай жумысларды оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымлардың ҳүжжетлери менен жүргизиў тәртибин белгилеў, оператив-излеў жумысы тараўында, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары ҳәм түрлес халықаралық шөлкемлер хызметкерлериниң жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўдеги илажларда қатнасыў мәселелери бойынша халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.

Оператив-излеў илажларының жаңа түрлери енгизилмекте:

– техникалық қуралларды (компьютерлерди ҳәм байланыс қурылмаларын) тексериў;

– телекоммуникация қурылмалары арқалы әмелге асырылатуғын сөйлесиўлер, эфирге жиберилетуғын хабарлар ҳәм мағлыўматларды қадағалаў;

– абонентлер ямаса абонент қурылмалары арасында байланыс ҳаққындағы мағлыўматларды алыў.

Усы оператив-излеў илажларын өткериў арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымға жүкленеди.

Прокурордың келисими менен адвокаттың телефонлар ҳәм басқа да телекоммуникация қурылмалары арқалы әмелге асырылатуғын сөйлесиўлер, жиберилетуғын хабарлар ҳәм мағлыўматлар қадағаланады.

Усы оператив-излеў илажларының процессуаллық тәртиби Жынаят-процессуаллық кодексте ашып берилмекте.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбек тили байрамы күнин белгилиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Нызам жәмийетлик турмыста ҳәм халықаралық майданда өзбек тилиниң абырайын арттырыўға, жасларды ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлер ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаўға қаратылған.

Нызам менен 21-октябрьди Өзбек тили байрамы күни етип белгилеў нәзерде тутылмақта.

Буннан кейин Сенат ағзалары «III ҳәм IV дәрежели «Соғлом авлод учун» орденин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ҳәм «Соғлом авлод учун» медалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларын көрип шықты.

Бул нызамларда халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, физикалық жақтан саламат ҳәм бәркамал аўладты қәлиплестириўдеги айрықша хызметлери ушын пуқараларды сыйлықлаў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, бул нызамларда «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы Нызамға тийисли өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

Буннан кейин сенаторлар Хорезм ўәлаятының қурамында Топыраққала районын дүзиў ҳәм Хазарасп районының шегарасын өзгертиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Хорезм ўәлаятының қурамында Топыраққала районының дүзилиўи усы районның ҳәкимшилик орайы сыпатында Питнак қаласын буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлеседи. Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселеси де көрип шығылды. Додаланған мәселелер бойынша Сенаттың тийисли қарарлары қабыл етилди.

Парламент жоқары палатасының үшинши жалпы мәжилисинде 7 мәселе көрип шығылды, соның ишинде, 5 нызам мақулланды. Сенаторлар тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикасы нызамлары жәмийетте ҳуқықый үгит-нәсиятлаўды ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, реформалардың ҳуқықый тийкарларын және де беккемлеў ҳәм мәмлекетте алып барылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА