Бүгин, 20-март күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасының басламасы менен Нөкис қаласындағы орайлық дийқан базарында медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды.

Нөкис дийқан базарының азық-аўқатлық өнимлер сатылатуғын ҳәм халық көп жыйналатуғын орнында 500 дана медициналық нықап бийпул тарқатылған болса, департаменттиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасының басламасы ҳәм «Әжинияз Қарақалпақ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қоллап-қуўатлаўы менен орайлық дийқан базарында жайласқан «Әжинияз Қарақалпақ» дәриханасында 2000 дана медициналық нықаплар бийпул тарқатылды.

– Ҳәзир елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Биз де департаменттиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен биргеликте усындай ийгиликли жумысларға үлес қосыўды мақсет еткенбиз. Усы тийкарда дәриханамыз арқалы улыўма 5000 дана медициналық нықапларды халқымызға бийпул тарқатыўды жобаластырып отырмыз, – дейди «Әжинияз Қарақалпақ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Мирсаид Султанов.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы оннан аслам дәриханаларға арзан баҳадағы медициналық нықаплар жеткерип бериў мақсетинде Төрткүл районындағы «Тўрткўл омад» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик цехы менен шәртнама дүзилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.