Қарақалпақстан Республикасында соңғы үш жылда реал экономикалық реформалардың тереңлестирилиўи, аймақларда исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, ҳалықтың кең қатламын исбилерменликке тартыў ҳәм усы бағдарда исбилерменлердиң зәрүр экономикалық-финанслық билим ҳәм көнликпелерине ийе болыўы бойынша айрықша илажлар әмелге асырылмақта. Бунда Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы әҳмийетли орынға ийе ҳәм ол бүгинлигинде бул бағдарда алып барып атырған мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшылардың  орайлық буўынына айланып үлгерди.

Олар тәрепинен әмелге асырылған соңғы әҳмийетли илажлардың бири сыпатында, ҳәзирги коронавирус карантини дәўиринде республикамыз халқына исбилерменлик тәлимин бериў ушын олар тәрепинен аралықтан турып оқытыў шөлкемлестирилгенин атап өтиўимизге болады.

– Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы (қала) район дәрежесиндеги халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ўәкиллери ушын 22 саатлық «Исбилерменлик тийкарлары» атамасындағы аралықтан турып (онлайн) оқытыў курслары избе-изликте даўам еттирилмекте. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палата системасындағы Исбилерменлик тийкарларын оқытыў республикалық орайы Қарақалпакстан филиалы тәрепинен, 2020-жыл басынан, жами 10 усындай бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилген,-дейди филиал баслығы Г.Рзаева.Шөлкемлестирилген оқыў курсларында 521 исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери ҳәм қәлеўшилер бийпул оқытылған болып, олардың 514и сертификат алды.

Мәҳәлле турғынлары ушын қысқа мүддетли «Бизнести баслаў ушын жети қәдем» атамасында семинарлар «пилот» тәризинде февраль айында Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Кегейли ҳәм Шымбай районларындағы, жәми 13 мәҳәлледе шөлкемлестирилди, онда 849 (444 ер ҳәм 405 ҳаял) пуқараға исбилерменлик ҳаққында дәслепки түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, «Жаслар-келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде Нөкис қаласында Муҳаммед-Ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының 2-4-курс студентлери 50% аудиториялық ҳәм мастер класс, 50% онлайн курсларына тийкарғы оқыўдан бос ўақтында оқытылмақта.  Бунда, жыл басынан жәми 93 студент белсене қатнасып, орайдың арнаўлы сертификатлары берилди.

Соның менен бирге, алып барылып атырған исбилерменлик тәлими процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен 2020-жылдың 15-март куни белгиленген, Өзбекстанға коронавирус инфекциясы кирип келиўиниң алдын алыў илажларын орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде, Палата системасында буйрық қабыл етилип, исбилерменлерди ҳәм ҳалықты исбилерменликке оқытыў, аралықтан турып оқытыў режимине өткерилди.

Бунда дәслеп, ҳалықты ҳәм исбилерменлерди аралықтан турып оқытыўды жолға қойыўда Палатаның businessinfo.uz, Орайдың alternatus.uz ҳәм киши бизнес және жеке исбилерменлик субъектлериниң саўатлылығын арттырыўшы director.uz онлайн оқыў курслары порталы дәреклеринен кең пайдаланылады. Мәселен, director.uz порталының «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң саўатлылығын арттырыў» курсы пул қаржыларын дурыс пайдаланыўды үйретеди.

Екинши мәселе – бул курс соңында онлайн сертификатының берилиўи. Бунда, director.uz порталының тийкарғы 11 сабақлық оқыў материалларының текстлери, видео, тестлер, мәселелер, вебинарлардан ибарат. Ҳәммеси әпиўайы тилде келтирилген. Тыңлаўшы сабақ текстин оқыйды, видео-сабақты көреди, тест тапсырады, буннан соң кейинги сабаққа өтеди. Әмелий жумыслар ҳәм вебинарлар реже бойынша алып барылады. Усы курсты табыслы тамамлаған тыңлаўшылар арнаўлы сертификатларға ийе болады.

Үшиншиден, палатаға мүрәжат етип, исбилерменликке оқыў нийетин билдирген пуқаралар менен қайта байланыс орнатылған болып, палата Call-орайы хызметкерлерине бийпул онлайн оқыў курслары порталы дәреклеринен пайдаланыў бойынша усыныслар бермекте. Тыңлаўшыларға, сондай-ақ, alternatus.uz ҳәм businessinfo.uz порталы қурамында «Бизнести баслаў ушын жети қәдем» атамасында семинар материалынан, 70тен аслам жөнелистеги бизнес-режелерден ҳәм арнаўлы әдебиятлардан, нызамшылық хүжжетлеринен пайдаланыўы түсиндирип берилмекте. Булардың барлығы халқымыз ушын бийпул тәризде тәмийинленбекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.