Бурын хабар етилгениндей, республикамыз бойлап карантин ҳалаты жәрияланып, айырым шеклеўлер енгизилген еди. Мине, усы карантин даўамында интернет тармағында ҳәм өз-ара сөйлесиўлерде тарқатылған айырым тийкарсыз мыш-мышлар себепли  базарларда ҳәм ири саўда комплекслеринде азық-аўқатлық өнимлерге болған талап күшейди.

Cыр емес, усы себепли айырым адамлар ири саўда комплекслери жабылып қалады, деген гүман менен азық-аўқатлық өнимлерди көтере сатып алыўға түсти.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық  басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, басқарма ҳәм оның бөлимлериниң «исеним телефонларына» усы мәнистеги, жәми сегиз мүрәжат келип түскен. Бул мүрәжатлар бойынша тийисли тәртипте үйрениў жумыслары алып барылды.

Бирақ, көрип  турғанымыздай,  базарларымыз мийўе-овощь, палыз өнимлери ҳәм басқа да күнделикли тутыныў товарлары менен толтырылған.

Усындай пайытта өзи сатып атырған өнимлериниң баҳасын тийкарсыз түрде арттырмастан, алдын қандай баҳада сатқан болса, сол баҳада сатып, халқымызға усындай сынаўлы күнлерде жәрдемин берип атырған инсаплы исбилерменлер көп. Бирақ, «гүриш шигинсиз болмайды», дегениндей, тутыныўшылардың азық-аўқатлық өнимлерине болған жоқары талабынан өз мәплери ушын, яғный пайыттан-пайдаланып жоқары дәрамат табыўға түскен «исбилерменлер»де ушыраспақта.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм басқа да тийисли уйымлардың жуўапкер хызметкерлеринен дүзилген жумысшы топар ўәкиллери баҳалардың тийкарсыз ҳәм жасалма түрде көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде орынларда үгит-нәсият ҳәм түсиник жумысларын алып бармақта.

Басқарма тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, 17-март күни салық мәкемелери ҳәм тийисли уйымлар тәрепинен өткерилген мониторинг жумыслары даўамында айырым инсапсыз «исбилермен саўдагер»лер тәрепинен өнимлердиң баҳасы арттырылып, буның үстине ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз сатып атырған жағдайлары анықланған.

Атап айтқанда, Беруний районындағы «Дийқан базары»нда пуқара М.А. тәрепинен картошка, гешир ҳәм пияз өнимлери қымбат баҳада сатылып атырғанлығы, оның үстине үйрениў даўамында бул шахстың ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз саўда ислейтуғыны белгили болды. Бул пуқараға тийисли болған 410 мың сумлық өнимлер ис нызамлы түрде шешилгенге шекем ўақтынша алып қойылған.

Сондай-ақ, Төрткүл районындағы «Дийқан базары»нда пуқара С.С. да ҳеш қандай тийисли ҳүжжетлерсиз, картошка өнимлериниң баҳасын 5000 сумнан, пиязды 2500 сумнан сатып турғаны анықланған. Салық хызметкерлери тәрепинен бул пуқараның 479500 сумлық өнимлери ис нызамлы түрде шешилемен дегенше ўақтынша алып қойылған.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 18-март күни мәҳәлле ҳәм шаңарақ машқалаларын өз ўақтында анықлаў және шешиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде, коронавирус машқаласы ҳәм оның алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға айрықша тоқтап өтип, өкинишлиси, бул жуқпалы кеселликтиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпегенин, бүгинги күнде наўқасланғанлардың саны 15 ке жеткенин атап өткен еди.

Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир аймақта ҳәкимлер басшылығындағы арнаўлы штаблар шөлкемлестирилип, эпидемиологиялық жағдай бойынша ҳәр саатлық ҳәм күнлик мағлыўматлар анализленип, тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Сырт еллердеги жерлеслеримиз чартер авиарейслери арқалы елимизге қайтарылмақта. Шегараларда ҳәрекет шекленди, бирақ транспортта жүк тасыў тоқтатылмады.

Президентимиз бул мәжилисте жағдай қадағалаўда екенлигин мәлим етип, азық-аўқатлық ҳәм басқа да күнделикли тутыныў өнимлериниң баҳасының артып кетпеўи ушын барлық илажлар көрилип атырғанлығын, мәмлекетимизде жетерли дәрежеде резерв бар екенлигин, қәтерлениўге тийкар жоқ екенлигин, тарқалып атырған айырым тийкарсыз мыш-мышларға әҳмийет бермей, қәўетерлениў кейпиятына түспей, көпке келген бул бәлеге қарсы бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етиўимиз кереклигин, базарлардағы баҳалардың өсиўиниң алдын алыў зәрүрлигин билдирип өтти.

Сонлықтан, баҳалардың тийкарсыз түрде арттырылыўына себеп жоқ, өнимлер бурынғы баҳада сатылыўы тийис.

Үгит-нәсият ҳәм мониторинг жумыслары даўам етпекте.

 

Еслетип өтемиз, егер баҳалардың тийкарсыз түрде арттырылғанының гүўасы болсаңыз, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң (71) 224-98-98 номерли «исеним телефоны» ямаса Call-орайының «1198» қысқа номери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының (361) 222-00-33 номерли исеним телефоны, сондай-ақ, орынлардағы мәмлекетлик салық инспекцияларының «Исеним телефонлары»на мүрәжат етиўиңизге болады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.