USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ТҮРКМЕНCТАН ПРЕЗИДЕНТИ МЕНЕН ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСИЎИ ҲАҚҚЫНДА

18-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухаммедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, сондай-ақ, көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын саўда-экономикалық, энергетика ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында кеңейтиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Коронавирус пандемиясына қарсы нәтийжели гүресиўди тәмийинлеў ҳәм оның еки тәреплеме байланысларға унамсыз тәсириниң алдын-алыў мақсетинде ҳүкиметлер дәрежесинде жақыннан бирге ислесиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

 

Сөйлесиў соңында Президентлер бир-бирин және туўысқан Өзбекстан ҳәм Түркменстан халықларын кирип киятырған бәҳәр, бахыт-ығбал ҳәм жаңаланыў әййямы- Наўрыз бенен қызғын қутлықлады.

Бул берекетли байрам әсирлер даўамында беккем дослыққа тийкарланған, тарийхы ҳәм мәдениятының бир екенлиги, тили, дәстүр ҳәм үрп-әдетлериниң уқсаслығы менен тығыз байланысқан халықларымыздың руўхый турмысының ажыралмас бөлеги екени атап өтилди.

Президент Гурбангули Бердимухаммедов Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық, жақсылық ҳәм абаданлық тиледи. Бүгинги қыйын дәўирде Түркменстан ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерди биргеликте сапластырыўға таяр екени айрықша атап өтилди.

 

ӨзА