Жақынласып киятырған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен мүлкшилик түринен ҳәм ҳәптелик жумыс күнлери санына қарамастан барлық хызметкерлер избе-из үш күн дем алады, деп хабар бермекте  kun.uz сайты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 14.11.2019-жылдағы «2020-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 23-март күни – дүйшемби қосымша дем алыс күни етип белгиленген.

21-март – байрам күни шемби күнине туўра келгени себепли ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғын хызметкерлер ҳәм ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлер де 3 күн қатара дем алады.

21-март – шемби (Наўрыз байрамы);

22-март – екшемби (дем алыс күни);

23-март – дүйшемби (қосымша дем алыс күни).

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 121-статьясына муўапық, 20-март – жума күни жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылыўы керек.

Еслетип өтемиз, 23-март күни ушын белгиленген қосымша дем алыс күни жылдың басқа дем алыс күни менен алмастырылмайды. Коронавирус қәўипи себепли жәрияланған карантин жағдайы жақынласып киятырған дем алыс күнлериниң даўамлылығына тәсир етпейди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги