ИНСАН ҲӘМ ТӘБИЯТ

Үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келди. Ҳаўа райының жылыўы менен ана тәбиятымызға жан енип, өсимликлер көгерип, тереклер бөртик жарып баслайды. Қоршаған орталықта жасыл экономиканы пайда етиўде ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллер егилмекте. Егилген декоратив нәллер жасап атырған аймағымызға шырай бағышлаўы менен бирге, экологиямыздың тазалығын сақлаўда да үлкен тәсирин тийгизеди.

Мениң пикиримше, қоршаған орталықтағы ҳәр қыйлы тереклерди, өсимликлерди қәдирлеп, қәстерлеп сақлап, олардың өсип раўажланыўына бар күшимиз бенен шараят жаратып бериўимиз керек. Себеби, өсимликлер биз дем алып турған ҳаўадағы ең тийкарғы элемент болған кислородты бөлип шығарады. Биз бул кислородтан үзликсиз тәризде азықланамыз. Әтирапымызды, қоршаған орталық қаншелли көклемзарластырылса, ҳаўамыз кислородқа соншелли бай болады. Биз дем алып турған ҳаўа таза ҳәм кислородқа бай болса, ден саўлығымыз беккем ҳәм күшли болады. Сонлықтан да, өсимликлерге  болған мүнәсебетимизди беккемлеўимиз ҳәм әўладтан-әўладқа мийрас етип қалдырыўымыз керек. Ҳәр бир инсан көшеде шақасы сынған ямаса ғамқорлыққа мүтәж болған терек-нәллерди көргенде оған бийпарўа өтип кете алмайтуғын дәрежеде иммунитетти қәлиплестириў зәрүр деп ойлайман.

Ҳәзирги ўақытта кең жәмийетшилик ўәкиллери, әсиресе, белсенди жаслардың басламасы менен қоршаған орталықты  абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўда түрли акциялар шөлкемлестирилип, мәкеме, шөлкем әтираплары, гүзар жол бойлары ҳәм мәдений дем алыў ораынлары шығындылардан тазаланып, түрли мийўе ағашлары ҳәм декоратив нәллер отырғызылмақта.

Усы егилген нәллерди тек ғана егип қоймастан, олардың бир тегис тутып ҳәм өсип раўажланыўына да жетерли итибар бериўимиз керек болады. Бунда нәллердиң түбин босатыў, азықландырыў, минерал ҳәм жергиликли төгинлер бериў, өз ўақтында суў қуйыў  жумысларын жүргизиў талап етиледи.

Соны да айтып өтиўимиз керек, көклемзарластырыў мапазында  айырым орынларда топырақ қунарлығы төмен ямаса қурылыс шығындылары араласпасы болған жерлерге де  түрли мийўе ағашлары ҳәм декоратив нәллер отырғызылып атырғанлығының гүўасы боламыз. Әлбетте, бундай шараятта тереклердиң өсип раўажланыныўы қыйын. Егер биз көклемзарластырыў ислерин участкаларға бөлип, басқышпа-басқыш тәризде алып барсақ мақсетке муўапық болар еди.  Мәселен, қаламызды көклемзарластырыўда бар күш ҳәм қәрежетимизди қаланың барлық аймағына бирден жумсамастан, ҳәр жылы белгили бир участкаға бөлип, топырақ қурамын минерал ҳәм жергиликли төгинлер менен байытып, еккен ҳәр бир мийўе ҳәм декоратив нәллердиң өсиўине кепиллик беретуғын дәрежеде жумсасақ және оны жыл даўамында тәрбиялап барсақ өз нәтийжесин береди.

Сонлықтан нәллерди көгертиўде ҳәмме шын ықласы менен үлес қосса, әлбетте, бул өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетеди. Солай екен, қоршаған орталықты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бәршемиздиң тийкарғы ўазыйпамызға айланыўы тийис.

Бийбисара Жартыбаева,

Нөкис қаласы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.