Усы жылдың 17-март күни Президент тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, бир неше нызамлар ҳәм кодекслерге тийисли өзгерис және қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мерекелерди өткериў тәртибине байланыслы талапларға әмел етпегени ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын статья қосылды.

Оған муўапық, тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мерекелерди өткериўши адам тәрепинен усы илажларды өткериў тәртибине байланыслы талапларға әмел етпеў базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (ҳәзирги ўақытта 2 миллион 230 мың сум) муғдарында жәрийма белгилеўге себепши болады.

Сондай-ақ, тойханалар, кафе ҳәм ресторанлардың жуўапкер адамы тәрепинен тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мерекелерди өткериў тәртибине байланыслы талапларға әмел етпеў базалық есаплаў муғдарының 30 есеси (ҳәзирги ўақытта 6 миллион 690 мың сум) муғдарында жәрийма белгилеўге себепши болады.

Тойхана, кафе ҳәм ресторанлардың ийеси тәрепинен усы ҳуқықбузыўшылық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан соң 1 жыл даўамында қайтадан әмелге асырылса, базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (ҳәзирги ўақытта 11 миллион 150 мың сум) муғдарында жәрийма белгилеўге себепши болады.

Бул тәртип Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.