Ийгиликли мақсетлерди алға қойған Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топары ағзалары жақсы нийет пенен райондағы «Бақаншақлы» АПЖ жанындағы 4 сотых жерге 40қа шамалас мийўе нәллерин егип «Депутат бағы»н жаратты.

Бүгинги күнде «Бақаншақлы» АПЖда 7 мың 824 адам тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Өзлериниң қыйтақ жерлерине ҳәр қыйлы мийўе нәллерин егип, өнимли пайдаланып келмекте.

– Бизиң мақсетимиз де қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ҳәм тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў болып есапланады,-дейди Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының баслығы С.Жақсимов. – Районлық Кеңес депутатларының басламасы менен халқымыздың даналығында «Жақсыдан бағ қалады» деп айтылғанындай бағқа шийе, алма, шабдал, ерик ҳәм беҳи мийўелериниң ҳәр қыйлы сортларынан егилди.

Биз депутатлар бундай қайырлы ислерди барлық мәҳәлле пуқаралар жыйынларында даўам еттириўди алдымызға мақсет етип қойдық.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.