ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Нурмат Отабековтың мәлим етиўинше, иммун системасын көтеретуғын дәрилер вирусты жоқ етиўге тәсир етпейди. Чесноктан пайдаланыў мүмкин. Бирақ, ол антибактериаллық ҳәм антивируслық препарат емес. Биз қәниге болмаған адамлар билдирген пикирлерге тийкарланбаўымыз керек.

Сондай-ақ, оның атап өтиўинше, усы ўақытқа шекем 8 мыңға шамалас адам карантин режиминде болды. Олардың 5700 ге шамаласына үйине кетиўге жуўап берилген. Ҳәзирги ўақытта карантиндеги пуқаралар ушын барлық имканиятлар жаратылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.