Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте эпидемиологиялық сорастырыў және коронавирус инфекциясының тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық илажларды избе-из әмелге асырылып атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Усы жылдың 15-март күни саат 05:15 те «Өзбекстан ҳаўа жоллары» авиакомпаниясына қараслы Стамбул-Ташкент жөнелисиндеги 274-рейс пенен келген Өзбекстан пуқарасында да усы инфекция дизимге алынған еди. Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Стамбулдан усы рейс пенен бирге келген наўқастың өмирлик жолдасы ҳәм және бир пуқарада да усы инфекция анықланған. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Ҳәзирги ўақытқа келип, усы инфекция анықланған наўқаслар саны 10 ға жетти.

Вирусологиялық илимий тексериў институты клиникасында емленип атырған усы наўқаслардың аўҳалы ҳәзирше қанаатландырарлы болып, шыпакерлер тәрепинен стандартлар тийкарында емлеў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.