Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы ҳәм оның бөлимлери тәрепинен шегара бажыхана постларында сырт еллерден елимизге коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

Басқарма тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, вирус тарқалған дәслепки күнлерден-ақ, барлық шегара бажыхана постларында басқа тийисли жуўапкер шөлкемлер менен бирликте оқыў-тактикалық шынығыўлар өткерилген. Усы шынығыўларда барлық хызметкерлерге коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў бойынша зәрүр билим ҳәм көнликпелер берилген.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында шөлкемлестирилген коронавирус инфекциясының сырттан кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Республикалық муўапықластырыўшы штабында Бажыхана басқармасынан нәўбетшилик етип барыўшы хызметкерлердиң дизими тастыйықланған болып, басқа қадағалаўшы уйымлар менен мағлыўмат алмасыў жолға қойылған.

Барлық шегаралық өткериў пунктлериндеги ҳәм халықаралық аэропортлардағы адамлар ҳәрекетленетуғын залларда күнлик санитариялық-карантин, ветеринария, фитосанитария қадағалаўы уйымлары менен бирликте дезинфекциялаў жумыслары шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, транспорт ҳәм адамлардың өтиў жолларында дезбарьер ҳәм дезтөсемелер турақлы түрде жумыс ҳалатында болыўы тәмийинленген.

Республикамыз аймағына кирип келип атырған тири ҳайўанлар, гөш-сүт өнимлери ҳәм басқа да ветеринариялық қадағалаў астындағы жүклерди, сондай-ақ, азық-аўқат өнимлериниң тийисли қадағалаў тәртиплеринен өтиўи бойынша қадағалаў орнатылған.

Шегара бажыхана постларында Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайы, Ветеринария ҳәм Өсимликлер карантини мәкемелериниң хызметкерлериниң өз жумысларын толық әмелге асырыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Изоляторлық бөлмелер шөлкемлестирилген ҳәм шегара бажыхана постлары арқалы сырт еллерден кирип келип атырған адамлардың дәслепки медициналық тексериўден өткерилиўи бажыхана постларының өзинде әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, шегара бажыхана постлары арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар Санитариялық қадағалаў пункти хызметкерлери менен биргеликте температурасы көтерилген жолаўшыларды анықлаў, кириў ҳәм шығыў жолларында хызмет етип атырған хызметкерлердиң бәрқулла нықапларда болыўын тәмийинлеў илажлары көрилген. Бажыхана қоймаханаларында турған почта жөнелтпелерин өз ийелерине тарқатыўды санитариялық қағыйдалар ҳәм гигиеналық нормаларға муўапық алып барыў қадағаланбақта.

Усы жылдың 16-мартынан баслап, коронавирус инфекциясының алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажлар сыпатында сырт еллерден пуқаралардың елимизге кирип келиўи бойынша ўақтынша шеклеў орнатылды. Сырт еллерден елимизге қайтқан пуқараларымыз 14 күн даўамында карантин ҳалатында болыўы белгиленген.

Профилактикалық илажлар сыпатында енгизилген усындай шеклеўлер сыртқы саўда операциялары, яғный экспорт-импортқа енгизилмейди. Халықтың тутыныў товарларына, атап айтқанда сырт еллерден алып келинген азық-аўқат өнимлериниң алдынғы муғдардағы импорты даўам етеди.

Бул ишки базарымызда тутыныў товарларының ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қытшылығы жүз бермейди, деген сөз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.