Усы жылдың 15-март күни коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Ариповтың басшылығында мәжилис өткерилип бир қатар қатаң илажлар белгиленди.

Коронавирус инфекциясы халықтың арасында тарқалып кетиўиниң алдын алыў, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң педагог хызметкерлери ҳәм билим алыўшыларының денсаўлықлары қорғалыўын тәмийинлеў және олардың ғалабалық кеселлениўине жол қоймаў мақсетинде Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен барлық мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине төмендеги мазмунда ескертиў жиберилди:

2020-жыл 16-марттан баслап барлық мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде билимлендириў жумысы ўақтынша тоқтатылады ҳәм дем алыс жәрияланады;

мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде режели ҳәм режеден тысқары ҳәр қандай илажларды шөлкемлестириў және өткериў қадаған етиледи;

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 257/1-статьясына муўапық санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғанлық жынайый жуўапкершиликке себеп болыўы ҳаққында ескертиледи;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен коронавирус инфекциясын жуқтырып алыўдан сақланыў ушын берилип атырған усынысларға қатаң әмел етилиўи қадағалаўға алынады, – деп мәлим етпекте xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги