Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, эпидемиологиялық сорастырыў және кеселлик тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық илажлар толық әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими хабар берди.

 

– Ҳәзирге шекем коронавирус инфекциясы дизимге алынған 6 наўқас клиникамызға жатқарылған. Олар Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына муўапық, белгиленген стандартлар тийкарында емленбекте, – дейди Вирусологиялық илимий тексериў институтының директоры Эркин Мусабоев. – Наўқаслар шыпакерлер тәрепинен күни-түни медициналық қадағалаўға алынған. Улыўмалық жағдайы турақлы бақлаўға алынған. Ҳәзирги ўақытта наўқасларымыздың аўҳалы қанаатландырарлы дәрежеде.

Усы орында атап өтиў керек, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм усы инфекцияға шалынған наўқасларды емлеў ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, медициналық мәкемелер зәрүр дәри-дәрмақлар және қәнигелер менен жетерли дәрежеде тәмийинленген. Сол себепли халқымыздан ҳаўлықпастан, жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиўин сорап қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.