Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде мәмлекетимизде коронавирус тарқалыўының алдын алыў бойынша тараў қәнигелери менен биргеликте жыйналыс өткерилди, деп жазбақта Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети.

Онда Транспорт министри А.Бердиев коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар хаққында  хәм хызметкерлерге жумыста,  жәмийетлик орынларда, шаңарақларда жеке-гигиена қағыйдаларына әмел етиў кереклигин айтып өтилди.

Сондай-ақ, барлық қала хәм районларға қатнаўшы жолаўшылар тасыўшы Дамас, автобус ҳәм микроавтобусларды ҳәр төрт сааттан дезинфекция жумысларын алып барыў, күнделикли рәўиште қадағалап барыў, соның менен бирге, исленген жумыслар бойынша ҳәр күни мағлыўмат бериў тапсырмалары берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги