Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-марттағы «2020-жылға Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда кең көлемде таярлық көрилмекте.

 «Наўрызың-жаңа күниң, жаңа дәўраның мүбәрек, жанажан Өзбекстаным!» деген идеяны өзинде жәмлеген байрам алдынан қала ҳәм районларымызда, шетки аўылларымызда да абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, еки күнлик «Абат журт» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилигине халқымыз, соның ишинде жасларымыз белсендилик пенен қатнасып атыр.

Хожели районында бул шембиликке 40 мыңнан аслам адам қатнаспақта. Соннан көпшилигин жаслар қурайды. Ҳәр бир шаңарақ өзлериниң турақ жайларында, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында, көп қабатлы турақ жайларда, мәкеме, кәрхана, оқыў орынларында саяманлы, мийўели терек нәллерин, гүллери егиў, тереклерди ҳәклеў ҳәм путаў жумыслары алып барылмақта. Райондағы «Туран» мәдений дем алыў бағында «Нәл ярмаркасы» шөлкемлестирилди. Илаж барысында 12 жалғыз баслы пуқарадан, 52  социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақтан хабар алынды.

Наўрыз улыўмахалықлық байрамы алдынан абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барыў, жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға, кекселерге, майыплығы болған шахсларға меҳир-мириўбет көрсетиў халқымызға тән болған ағла пазыйлетлерден бири,-дейди Елликқала районы ҳәкиминиң орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы Фархад Ибадуллаев- Районымыздан ерте таңнан баслап 98910 пуқараның белсене қатнасыўы буның айқын мысалы болып табылады. Илаж даўамында ҳәзирге шекем 92 гектар майдан абаданластырылып, 87 километр жап-салма тазаланды. 204 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындысы алып тасланды. Белсендилер тәрепинен 220 жәрдемге мүтәж шаңарақтың турақ жайы оңланып, 112 пуқараға материаллық жәрдем көрсетилди.

Республикамыздың қала ҳәм районларында «Абат журт» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ түсирген сүўретлери.