Әзелден тәбияттың ояныў пасылы, жасарыў, гөззаллық байрамы болған «Наўрыз» әййямын күтип алыўға таярлық көриў ҳәм оны мүнәсип белгилеў ушын үлкен таярлықлардың көрилиўи халқымызда әдет түсине кирген. Быйыл да бул байрамға үлкен таярлықлар көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 11-март күнги арнаўлы бийлигине муўапық, 14-15-март күнлери елимиздиң барлық аймақларында «Абат журт» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилигиниң өткерилиўи де усы таярлықлар қатарына киреди.

Бул баслама пүткил халқымыз, соның ишинде республикамыздағы барлық мийнет жәмәәтлери тәрепинен қоллап-қуўатланып, 14-март күни таң азан менен жумыслар баслап жиберилди.

Бул илажды өткериўден мақсет – «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамын мүнәсип күтип алыў менен бирге, елимизде әмелге асырылып атырған жаратыўшылық жумысларға ҳәр бир адамның қатнасын қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдриятларымызға тән болған  өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти және де күшейтиў, бийғәрез жәрдем сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди беккемлеў, мәҳәллелерди, пуқаралардың жасаў орынларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, республикамыздың барлық жерлеринде санитариялық жағдайды жақсылаў болып есапланады.

– Улыўмахалықлық шембилик даўамында республикамыз бойынша, жәми 1 миллион 420 мыңнан аслам адамның қатнасыўы, 2910 гектардан аслам жердиң, соннан 281 қойымшылықтың, 42 зыярат етиў орынларының абаданластырылыўы, 2164 тонна шығындының шығарып тасланыўы, тоғыз жүзден аслам жап-салмалардың тазаланыўы күтилмекте,-дейди Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң атқарыўшы директоры А.Сапаров. – Сондай-ақ, таярланған жерлерге 286 мың 842 саяманлы терек,  195 мың 354 мийўе,  219 мың 131 гүл  нәллери егилмекте. 465506 теректи путап, ҳәклеў жумыслары алып барылады. Бул жумысларға жәми 548 техника қатнастырылады.

Сондай-ақ, тийисли шөлкемлер менен биргеликте халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да жәрдем көрсетиледи. Атап айтқанда, 804 шаңарақтың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылады.

Шембилик қызғын даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.