Испаниялы шыпакер-диетолог Елена де ла Фуэнте Идальго ерте қартаймаўдың сырлары менен ортақласты. Бул ҳаққында xabar.uz  сайты мәлим етти.

«Қартайыў менен гүресиў ҳаққында сөз болғанда, бизлер әдетте дене шынығыўларының зәрүр екенлигине көбирек итибар берип, ең әҳмийетлиси – саламат ҳәм дурыс аўқатланыўды умытамыз. Биргеликте олар денемиздиң барлық клеткаларының қартайыўын төменлетеди», – деген ол «La Vanguardia» басылымына берген интервьюсинде.

Идальго аўқатланыў рационына мәўсимлик мийўелер ҳәм овощлар, собықлы өсимликлер, ғозалар, дәнли өнимлер, йогурт ҳәм қатықты киргизиўди усыныс еткен.

Буннан тысқары, алкоголь ишимликлерден ўаз кешиў зәрүр екенлигин де айтып өткен. Илимпазлардың пикирине бола бул ишимлик, ДНКны зыянкеслерден қорғайтуғын хромосомалардың терминал бөлимлери – теломерлердиң қысқарыўына алып келеди. Ҳәр бир клетканың бөлиниўи менен олар қысқарады ҳәм узынлығы жетерли болмағанда набыт болады.

Шыпакер инсанды қартайтатуғын өнимлер бул – қуўырылған картошка ҳәм үлкен муғдардағы трансмайлардан ибарат маргарин, сондай-ақ, қумшекер менен дуз екенин еслеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги