Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжеси күн сайын ҳәр бир тараўда көзге тасланбақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2017-жыл 28-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018-жылларда соцаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары районның раўажланыўына ҳәм бүгинги келбетиниң жаратылыўына кең мүмкиншилик берди.

Әсиресе, усы қарар менен районда ҳәр қандай жаңа кәрханаларды ашып, жаңа жумыс орнын жаратқан исбилерменлерге салықлардан берилген  жеңилликлер бул жерге өз бизнесин алып барыўды қәлеген исбилерменлердиң ағымын күшейтти.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, қарарға муўапық, санаат, хызмет көрсетиў, сервис, туризм, аўыл хожалығын раўажландырыў бағдарлары бойынша бир қатар ири жойбарлар иске түсирилди. Район аймағынан дизимнен өткен ҳәм усы аймақта санаат тараўында жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң салықлардың барлық түрлеринен, ал жеке  исбилерменлердиң болса, қатаң белгиленген салықтан 10 жыл мүддетке азат етилгенлиги райондағы исбилерменлик субъектлериниң жумысларының раўажланыўына сезилерли жәрдемин тийгизди.

Бул өз гезегинде аймақ турғынларының жаңа жумыс орынлары менен тәмийинлениўи, жаңа имаратлардың бой тиклеўи, инфраструктураның раўажланыўы, елдиң абаданласыўы ушын үлкен мүмкиншилик жаратты.

Сондай-ақ, усы жеңиллик енгизилиўи нәтийжесинде райондағы жеке исбилерменлердиң саны 113ден 350ге жетти. Берилген жеңиллик себепли үш жылда бюджетке есапланыўы керек болған, жәми 6,4 миллиард сумлық қатаң белгиленген салық усы исбилерменлердиң өзинде қалды. Бул жеңилликтиң 2027-жыл 1-январьға шекем енгизилгенлигин есапқа алатуғын болсақ, орташа 27,6 миллиард сумлық қаржы исбилерменлердиң есабында қалыўы күтилмекте.

– Ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлерге, әсиресе, мойнақлы исбилерменлерге қаратқан айрықша итибары бизди үлкен жумысларға руўхландырмақта. Өзим жеке исбилермен сыпатында 9 жылдан берли жумыс ислеп киятырман.

Бурынлары пайда көрсек те, көрмесек те, салық ушын ҳәр айда ең кем мийнет ҳақының үш есеси муғдарында төлемлерди әмелге асыратуғын едик. Қарар менен жаратылған бундай жеңилликлер, райондағы жеке исбилерменлер санының көбейиўине ҳәм бәсекиликтиң раўажланыўына себепши болды. Жеңиллик себепли үш жылда 24 миллион сумлық қаржы өзимде қалды. Еле жети жыл бул жеңилликтен пайдалансам, және 56,2 миллион сум өзимде қалады екен. Үнемленген бул қаржыларды өз исбилерменлик жумысларымды және де раўажландырыў ушын жумсайман,-дейди исбилермен Гүлбәҳәр Нуржанова.

Райондағы және бир исбилерменлердиң бири Гүлистан Мустафаева да өз саўда дүканында халықтың турмыслық талапларынан келип шығып, азық-аўқатлық өнимлерин сатыў менен шуғылланбақта. Бул исбилермен де берилген жеңилликлерден пайдаланбақта.

– Ҳәзирги күнде өз дүканымда еки адамды турақлы жумыс пенен тәмийинледим,-дейди Г.Мустафаева. – Қатаң белгиленген салықтан 10 жылға шекем азат етилгенмен. Бул үнемленген қаржылардан жумысымды және де кеңейтип, халыққа хызмет көрсетиўши және бир кәрхана ашпақшыман. Кәрхана иске түсиўи менен және көплеген мойнақлы жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкиншилигим болады.

Күннен-күнге көркейип баратырған Мойнақ районында усы сыяқлы исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар өзиниң унамлы нәтийжелерин береди, әлбетте. Исбилерменлердиң жумысын раўажландырыў болса, өз гезегинде районның социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.