Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын избе-излик пенен жетилистириў, халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципи тийкарында оптималластырылған шараятлар менен қолайлықлар жаратыўға бағдарланған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен  Президентимиз тәрепинен қабыл етилген бир қатар  ҳүжжетлерде мәмлекетлик хызметлер сапасын, оперативлигин, ашық-айдынлығын ҳәм оннан пайдалныў имканиятын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша бир қатар шараятлар жаратылып берилмекте. Атап айтқанда, 2019-жылдың 15-февралы күни Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары тәрепинен  архив ҳүжжетлерин бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў, сондай-ақ, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринен және пуқаралық ҳалаты дәлалатнамаларын жазыў уйымларынан шығатуғын рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйықланды.

Регламентке муўапық, усы хызметлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм  Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў архиви арасындағы мәлимлеме алмасыўы электрон санлы қолы мәжбүрий тәртипте қолланыў арқалы әмелге асырылады. Буның ушын арза бериўши Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келген ҳалда мүрәжат етеди ҳәм орай хызметкери арза бериўшиниң атынан тийисли формадағы сораўнаманы электрон түринде толтырады.

Сораўнама толтырылып, арза бериўшиниң электрон санлы қолы тастыйықланғаннан соң, барлық ҳүжжетлер Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў архивине электрон тәризде жибериледи. Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў архиви сораўнама келип түскеннен баслап 3 жумыс күни даўамында соралып атырған архив мағлыўматларды  көрип шығып, архив мағлыўматлар бар яки жоқ екенлиги ҳаққында тийисли мәмлекетлик хызметлер орайларына мағлыўматлар жибереди. Бул өз гезегинде халқымыздың мүнәсип өмир сүриўи. пуқаралардың машқалаларын өз ўақтында ҳәр тәреплеме шешиў.әсиресе. артықша ўақыт сарпламастан,  керекли ҳүжжетлерин алыўда жеңилликлер жаратады.

«ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви» системасын енгизиў режелестирилген. Бул бағдарда ПҲАЖ уйымларының хызметкерлери ҳүжжетлерди арнаўлы үскенелер жәрдеминде санластырыў жумыслары баслап жиберилди. Соннан бүгинги күнге 2078729 акт ҳүжжети санластырылып, электрон системаға киргизилди. Нәтийжеде, жақын келешекте пуқаралар зәрүр ҳүжжетлерди 5-10 минут аралығында алыў имканиятына ийе болады.

Электрон системада алынатуғын ҳүжжетлер пүткил елимиз аймағында рәсмий ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын болып, қосымша  мөр ҳәм қол қойыў талап етилмейди.

Халыққа мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўи олардың қымбатлы ўақытларын үнемлеўге, финанслық қәрежетлерин азайтыўға, ең баслысы,  мәмлекетлик уйымлардың жумысынан қанаатланыў дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

 

Нуржаҳан ШЫЛМАНОВА,

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги

жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

 Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ПҲАЖ архивиниң баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.