Соңғы жыллары елимизде қолайлы ҳәм  тартымлы бизнес орталығын қәлиплестириў, жеке мүлктиң қол-қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлери жумысына рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да әпиўайыластырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша  кең көлемли жумыслар  әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил  яғный «Бизнес-омбудсман» жумысының жолға қойылыўы бул бағдарда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Өткен қысқа ўақыт ишинде «Бизнес-омбудсман» тәрепинен исбилерменлик субъектлери менен мәмлекетлик уйымлардың арасында нәтийжели байланысты шөлкемлестириў  менен бирге, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин  қорғаў бойынша айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды.  Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң 200 ге шамалас мүрәжаты нызамда белгиленген тәртипте унамлы шешилип, олардың бузылған ҳуқықлары тикленди. Орынларда машқалалар үйренилип, қәнигелер тәрепинен жәрдем берилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасындағы қабыллаўханасы, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм басқа да министрликлердиң қатнасында  түрли себеплер менен өз жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар өткерилип, зәрүр ҳуқықый ҳәм әмелий жәрдем берилди. Нәтийжеде 5000 ға  шамалас  исбилермен жумысының тиклениўине ерисилди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «NUKUS TUNGI YOGDUSI» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине автомобильлерге суйылтырылған газ қойыў шақапшасы, жанар май қуйыў шақапшасы ҳәм автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў орайының қурылысы ушын зәрүр болған барлық рухсат бериўши ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Нөкис қаласы  ҳәкиминиң 2016-жыл 2-августтағы  01/08- 783-санлы қарарына тийкарланып ер майданы ажыратылған. Жәмийет тәрепинен автомобильлерге суйылтырылған газ қуйыў шақапшасы хызметин жолға қойыў ушын жумысшы-жойбар исленип, қурылыс жумыслары баслап жиберилген.

Бирақ, усы қарарға Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен 2018-жыл 5-ноябрьдеги  10.2/1634 18-3291-санлы протести киргизилип, Нөкис қаласы  ҳәкиминиң 2018-жыл 13-декабрьдеги  06/12-154-санлы қарары менен бул автомобильлерге жанар май қуйыў шақапшасы ҳәм автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў орайы қурылысына өзгертилген. Бул жағдай, автомобильлерге суйылтырылған газ қуйыў шақапшасының қурылысын баслап жиберген исбилерменниң жумысының тоқтаўына алып келген.

Исбилерменниң жүзеге келген машқаласы үйренилгенде, Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен протест киргизиўде  исбилерменниң нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырған жумысы терең үйренилмегенлиги анықланды. «Бизнес-Омбудсман» инспекторлары тәрепинен Нөкис қаласы прокуратурасының протестин шақыртып алыў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына киргизилген хат нәтийжесинде протест қайтарып алынып, исбилерменге  автомобильлерге суйылтырылған газ қуйыў шақапшасының қурылысын  даўам еттириўине әмелий жәрдем берилди.

Президентимиз тәрепинен экспортты күшейтиў ҳәм импорты қысқартыў бойынша қойылған ўазыйпалар бойынша республикамызда  системалы жумыслар әмелге асырылмақта.  Атап айтқанда, республикамыздың аймағына көп муғдарда импорт етилип атырған айырым түрдеги өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў илажларын көриў ҳәм бул бағдардағы тосқынларды, жүзеге келген машқалаларды  ҳәм усынысларды қәлиплестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Инвестиция ҳәм сыртқаы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы, Мәмлекетлик салық ҳәм Бажыхана басқармаларының жуўаплы хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар дүзилди.

Исбилерменлер тәрепинен сырттан алып келинген өндирислик үскенелерди ҳүжжетлестириў, оларды иске қосыў бойынша әмелий жәрдем берилди. Усы бағдарда күнлик мониторинг жүргизилди. Исбилерменлердиң нызамлы тәртипте шығарылған жумысына тосқынлық етиўши Мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нызамсыз шығарылған 10 қарары бийкар етилди. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине бойсынбаған қадағалаўшы уйымлардың 14 лаўазымлы шахсына интизамый жаза қолланылып, 16 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.

Қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде өткерилген тексериўлер турақлы түрде қадағалаўға алынған. Тексериў өткериў ушын рухсат бериў мәселесинде келип түскен буйыртпаларды көрип шығыўда тийкарғы итибар тексериўге емес, ал, профилактикаға қаратылмақта. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 12-ноябрьдеги «Айырым Мәмлекетлик уйымлардың хызметиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық «Бизнес-Омбудсман»ның хызмети буннан былай да жетилистирилип, ўәкилге бир қатар ўәкилликлер берилди. Яғный, «Бизнес-Омбудсман»ның исбилерменлик жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша Пуқаралық, Экономикалық ҳәм Ҳәкимшилик судларда болып өткен процесслерде қатнасқаны ямаса қатнаспағанына қарамастан судтың шешиўши қарары, ажырымы ямаса қарары үстинен белгиленген тәртипте кассациялық, қадағалаў тәртибинде шағым етиў ҳуқықы берилди.

Мәселен, Нөкис районлараралық экономикалық судының 2019-жыл 25-октябрьдеги шешиўши қарарына тийкар Нөкис қаласы мәмлекетлик салық инспекциясының «Дилноза-Гүлжәҳән» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 21425956  сум дәрамат салығын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылды. Себеби, дәрамат салығының Мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен надурыс есапланғаны суд тәрепинен анықластырылмаған. Бул жағдай бойынша Нөкис районлараралық экономикалық судының жоқарыда атап өтилген шешиўши қарары үстинен Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судына кассация тәртибинде киргизилген шағым арзаға тийкарланып исбилерменге жеткерилген 21425956  сум дәрамат салығы 9600000 сумға азайтылды.

Жуўмақлап айтқанда, елимизде бундай ўәкиллик институты жумысының жолға қойылыўы исбилерменлик субъектлерин ҳуқықый қоллап-қуўатлаў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, әмелдеги нызамшылық нормаларына толық бойсыныў бойынша орынлаў тәртибиниң беккем кепили болып хызмет етпекте.

 

Б.ЖАҚСЫМОВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жетекши қәнигеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.