Қарар ҳәм оның орынланыўы

Әмиўдәрья дельтасы ҳәм оның қуярлығындағы әҳмийетли тәбият комплекслериниң бири бул – тоғайзарлықлар, қамыслықлар ҳәм путалықлар болып есапланады. Олар дәрья жағаларының жуўылып кетиўинен, топырағының эррозияға ушыраўынан сақланыўына жәрдемин тийгизеди. Сондай-ақ, бул жер жабайы ҳайўанатлар дүньясы ушын да әҳмийетли.

Ҳәзирги ўақытта усы жерлерде ҳәм сол аймақтағы тәбийғый көллердиң жағаларында қуслардың өнип-өсиўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыз аймағында 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилген еди. Қырғаўылларды аўлаған адамларға әмелдеги нызамларға тийкарланып, тийисли шаралар көрилетуғыны белгиленди.

ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтының илимпазлары тәрепинен республикамыз аймағындағы қырғаўыллардың көбейиў барысын үйрениў бойынша жумыслар алып барылды.

Ҳәзирги ўақытта Әмиўдәрья дельтасында қуслардың 115 түри есапқа алынған. Олардың арасындағы ең сийрек гезлесетуғын қуслардың бири бул – қырғаўыл болып есапланады.

– Қырғаўыллар көбинесе адамлар тәрепинен аўланып, көпшилиги майда жыртқыш ҳайўанларға жем болады,-дейди ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты директорының орынбасары, биология илимлериниң докторы, профессор С.Мәмбетуллаева. – Себеби, қырғаўыллар жасайтуғын жерлердеги соңғы жыллардағы қурғақшылықлар, ишимлик суўының азайыўы, қырғаўыл мәйеклеринен шөжелердиң аз шығыўына, көпшилигиниң дәслепки жасаған жерлерин таслап суўы көп, азықлық затларға бай жерлерди излеп дәрья бойларына, мәдений ғәлле егислик жерлерине кетип қалыўына себепши болмақта.

Қыста олар қалың қамыслықларда жасырынып жасайды. Бәҳәр келиўи менен тарқалып, март-апрель айларында уя салып, 22-23 күн даўамында 8 -19 мәйек басып, шөжелейди. Август айларында шөжелери үлкейип, аналарынан бөлекленип кетеди. Олар майда жәнликлер, дала өсимликлериниң мийўелери, жапырақлары, туқымлар, жийде, жигилдиклер менен азықланады. Ҳәзирги ўақытта қырғаўыллардың ең көп ушырасатуғын жерлери бул Жалтырбас, Даўыткөл, Көктас көллериниң әтираплары болып есапланады.

Бул жерлерде орта есап пенен алғанда өткен жылы олардың тығызлығы бир квадрат километр жерге бәҳәрде 5830, гүзде 7650 қырғаўылдан туўра келди.

Өткен жылдан берли қырғаўыллардың бәҳәрги көбейиўи ҳәм жыл ақырындағы есабы алып барылды. Тийкарғы бақлаўлар Қанлыкөл районындағы Есберген шығанақ участкасында, Назархан тоғай, Нурым түбек тоғайларында өткерилди.

Қырғаўыллардың саны ҳәм жыллық популяциясының көбейиўин  анықлаў жумыслары автомобильде жүрип есаплаў методлары ҳәм олардың азықланатуғын жерлерин винокл менен бақлаў арқалы алып барылды.

Бақлаўларымыз даўамында қырғаўыллардың азықланатуғын орынларының жағдайлары жақсы екенлиги анықланды.

Қанлыкөл районындағы Есберген шығанақ участкасындағы 3353 гектар майданда өткерилген бақлаўлар даўамында қырғаўыллардың тығызлығы бир квадрат километр жерге бәҳәр айларында 1846,5, гүзде 3390,9 қырғаўыл болды.

Нурым түбек тоғайындағы бақлаўлар тоғайдың жети жеринде, жәми 4363 гектарлық майданда алып барылды. Бул жерлердеги қырғаўыллардың тығызлығы бир квадрат километр жерге бәҳәрде 2774,6, гүзде 4582,4 қырғаўыл әтирапында болды. Ал, Назархан тоғайдағы бақлаўлар бул жерлердеги қырғаўыллардың тығызлығы бәҳәрде 2638, гүзде 4304 қырғаўыл әтирапында болғанын көрсетти.

Бақлаўлар қырғаўыллардың қысқы ўақытта азық табыўға қыйналғанын ҳәм олардың көпшилигиниң азық излеп, дәрья бойларына, адамлар жасайтуғын жерлерге жақын болған егислик майданларға тарқап кеткенин көрсетти.

Улыўма алғанда бирге ислесиўши мәкемелер менен бирге институтымыз тәрепинен алып барылған изертлеўлер, қырғаўыллардың санын биргеликте көбейтиў бойынша әмелге асырылған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.