Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-март күни мәмлекетимизде жәмийеттиң саламатлығын тәмийинлеў системасы нәтийжелилигин арттырыўды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл январь айында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында халықтың саламатлығын жақсылаў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген еди.

Бүгинги мәжилисте атап өтилгениндей, елимизде денсаўлықты сақлаў системасында кеселликлердиң алдын алыўға қарағанда оларды емлеўге көбирек итибар қаратылады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң таллаўына бола, инсан саламатлығына тәсир етиўши факторлар арасында медициналық тәмийнат 10 процентти,  генетикалық факторлар 15 процентти, қоршаған орталықтың жағдайы 20 процентти қурайды. Ең әҳмийетлиси, инсанның турмыс тәризи (физикалық ҳәрекет, аўқатланыў, зыянлы әдетлер) оның саламатлығына 55 процентке шекем тәсир етеди екен.

Сол себепли, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясына алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында халықтың саламатлығын жақсылаў, адамларымызды саламат турмыс тәризине үйретиўдиң пүткиллей жаңа системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықтың саламатлық профилактикасы бәринен бурын аўыллардан басланатуғыны ҳәм оған жуўап беретуғын тутас система болыўы керек екенлиги атап өтилди. Мәселен, суўдың патасланыўы бөтеке, асқазан-ишек кеселликлерине, атмосферадағы радиация, азық-аўқат өнимлеринде химиялық элементлердиң көп екенлиги онкологиялық, надурыс турмыс тәризи қан-тамыр, жүрек, эндокрин, нерв кеселликлерине себеп болмақта.

Бул мәселелерди терең таллап, анық бағдарламалар тийкарында орынларда мәнзилли жумыс шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзи бойлап коронавирус инфекциясының (COVID-19) елимиз халқын да белгили мәнисте қәўетерге салмақта. Дүньяда жәмийеттиң саламатлық системасын, сынақтан өткерип атырғандай бул кеселликтиң Өзбекстанға кирип келмеўин тәмийинлеў бәринен бурын мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын, профилактикалық жумысларды және де жоқары дәрежеге көтериўди талап етеди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мүнәсибет пенен, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигине бул бағдарда көрилип атырған карантин ҳәм профилактикалық илажлар бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

Онда, бәринен бурын, халықаралық тәжирийбе тийкарында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигине Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў орайын бириктирип, Агентликтиң потенциалын усы ўазыйпаларды нәтийжели шөлкемлестириўге қаратыў керек екенлиги атап өтилди.

Агентликтиң ўәлаятлар ҳәм район және қалаларда өз алдына орайлары шөлкемлестириледи. Аўыллық поликлиникаларда бул жумысларды нәтийжели жолға қойыў ушын үшеўге шекем қәнигелер ажыратылады. Олар аўыл халқы арасында дурыс аўқатланыў, гигиенаға әмел етиўди үгит-нәсиятлайды, онкологиялық, жүрек қан-тамыр кеселликлерине бейим болғанларды ертеден анықлаў менен шуғылланады.

Аўыллық врачлық пунктлери халықты жуқпалы ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлер бойынша мақсетли медициналық тексериў ҳәм сораўдан өткериўди шөлкемлестириўи зәрүр екенлиги айтып өтилди. Мәселен, 40 жастан өткенде инфаркт, инсульт, диабетке, 35 жастан өткен ҳаял-қызларда болса рак кеселлигине бейимлилик пайда болады.

Сондай-ақ, Агентлик хызметкерлери ҳәр бир шаңарақ, билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлерге барып, халықтың арасында дурыс аўқатланыў, дем алыў, денетәрбия менен шуғылланыў жумысларын шөлкемлестиреди.

Президентимиз усы тараўда илимди раўажландырыў, илимий-изертлеў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў бағдарында жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Бул мәкемелер аймақлардағы кеселлик факторлары ҳәм себеплерин таллап, олардың ҳәр бири бойынша усыныслар ислеп шығыўы, Агентлик ҳәр бир аймақ бойынша бағдарламалар қабыл етиўи ҳәм ҳәкимликлер менен орынланыўын шөлкемлестириўи керек екенлиги атап өтилди.

Соның менен бир қатарда, илимий-изертлеў мәкемелериниң ҳәзирги ўақыттағы жағдайы бул жумысларды шөлкемлестириўге таяр емес екенлиги көрсетип өтилди.

Аўқатланыў, мийнет, жас өспиримлер гигиенасы менен шуғылланатуғын, санитарлық норма ҳәм қағыйдаларды ислеп шығыўшы илимий-изертлеў институтында тек ғана 13,5 штат бар.

Сондай-ақ, жас балалар арасында паразитлер, рахит ҳәм дистрофия кеселликлери қәўипи үлкен болса да, олардың алдын алыў ҳәм емлеўдиң нәтийжели системасы жолға қойылмаған. Нәтийжеде, усы кеселликлер балалардың иммун системасын бузып, басқа да кеселликлерге бейимлилигин күшейтеди.

Сол себепли, Самарқандтағы Медициналық паразитология илимий-изертлеў институты клиникасы Эпидемиология, микробиология ҳәм жуқпалы кеселликлер илимий тексериў институты менен бириктириледи. Солардың негизинде Эпидемиология, микробиология, жуқпалы ҳәм паразитарлық кеселликлер республикалық илимий-әмелий медициналық орайы шөлкемлестирилип, емлеў процеси илим менен бирге әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты – кеселлик факторларын таллап, емлеп атырған шыпакерлерге профилактика бағдарында тийкарланған усыныс беретуғын қәнигелерди таярлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Н.И.Пирогов атындағы Россия медициналық илимий-изертлеў университети ҳәм Түркияның Баҳчешеҳир университетиниң филиалы ҳәм клиникаларын ашыў жумысларын жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте жуқпалы ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлерди ерте анықлаў, есабын жүргизиў, таллаў ҳәм статистикасын дурыс жолға қойыў мәселелери толық додаланды.

Мәселен, 2018-жылы 24 мыңға шамалас анықланған қәўипли исик кеселликлериниң 55 проценти 3 ҳәм 4-басқышта анықланған. Бул ҳәр екинши наўқастың емлениўине үмит жоқ екенлигин аңлатады.

Усы мүнәсибет пенен, кеселликлердиң алдын алыўда әпиўайы, бирақ заманагөй ҳәм нәтийжели усылларды қолланыў, оларды енгизиў көлемлерин кеңейтиў зәрүрлиги айтып өтилди.

Мысал ушын, әпиўайы ғана салмақ, бой, бел айланбасы, қан басымын өлшеп, турмыс тәризин сорастырып, инсанда инфаркт, инсульт, диабет, гипертония сыяқлы көплеген кеселликлерди ерте анықлаў мүмкин.

Мәжилисте халықтың саламатлығын қадағалаў системасын да қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң нәтийжели системасы жаратылмаған, деп айтыўға тийкарлар жетерли. Мысал ушын, олардың қурамында техникалық пальма майының қолланылыўы қатаң қадаған етилген, бирақ оны анықлайтуғын механизмлер жолға қойылмаған. Нәтийжеде, усы өним инсан организми ушын оғада  зыян болып, турмыслық әҳмийетли органларды босатыўы менен бирге онкологиялық кеселликлерге себеп болады.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар есабат берди, тийисли илажлар белгилеп алынды.

 

ӨзА