Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми жаңа түрдеги коронавирустың тарқалыўын пандемия басқышына жетти, деп жәриялады. Ҳәзирги ўақытта вирус барлық континентлерге тарқалған, 110 нан аслам мәмлекетте вирус жуғыў жағдайы дизимге алынған.

«Жаңа түрдеги коронавирустың дүньяға тарқалыўы пандемиялық жағдайға келди», – деп айтып өткен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас директоры Тердос Адханом Гебрейесус.

«Жақын күнлер ҳәм ҳәптелерде кеселликти жуқтырыў, өлимшилик жағдайлары ҳәм коронавирус дизимге алынған мәмлекетлердиң санының көбейиўин күтип атырмыз. Биз «COVID-19» пандемия сыпатында баҳаланыўы мүмкин деген жуўмаққа келдик.

Алдын ҳеш қашан коронавирус себепли пандемия жүз бериўине, сондай-ақ, қадағалаў мүмкин болған пандемияға да дус келмеген едик. 114 мәмлекетте дизимге алынған 118 мыңнан аслам жағдайдың 90 процентинен асламы тек ғана 4 мәмлекетте, олардың екеўинде – Қытай менен Қубла Кореяда наўқасланғанлар саны сезилерли дәрежеде азаймақта», – деп айтып өткен Тердос Адханом Гебрейесус.

Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми усы ўақытқа шекем «COVID-19» тарқалыўын эпидемия сыпатында баҳалаған еди.

Шөлкемниң терминологиясына муўапық, бир кеселлик күтилмегенде белгили бир мәмлекет ямаса аймақта кең тарқалса, эпидемия деп аталады. 2010-жылдан баслап шөлкем жуқпалы кеселликтиң пүткил дүнья бойлап тарқалыўын пандемия деп есаплай баслаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.