Бурынлары автотранспорт қураллары байлықтың белгиси болса,  ол бүгинги күнге келип техниканың раўажланыўы нәтийжесинде ҳәр бир адам пайдаланыўы мүмкин болған әпиўайы ҳәрекетлениў қуралына айланбақта.

2019-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында, жәми 694 автотранспорт қураллары импорт бажыхана режимине бола рәсмийлестирилген болып, соннан 631ине импорт бажыдан жеңиллик берилген ҳәм импортёрдан импортлық бажыхана бажылары улыўма өндирилмеген. 149 автотранспорт қуралына акциз салығынан жеңилликлер берилген.

Сырт еллерде ислеп шығарылған автомобильлердиң бажыханада рәсмийлестирилиўи қандай тәртипте әмелге асырылады, автомобиль импорты туўралы мағлыўматлар нелерден ибарат, деген сораўларымызға Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының топар инспекторы аға лейтенант Ю.Кудиярова төмендегише түсиник берди:

  • Кейинги жылларда автомобиль қуралларын сырт еллерден Өзбекстанға алып кириўде бир қатар өзгерислер әмелге асырылды. Автомобиль елимизге алып кирилгенде оның ҳүжжетлеринде тастыйықланған баҳасы, ислеп шығарылған мәмлекети, ислеп шығарылған жылы (жаңа ямаса гөне) ҳәм автотранспорт қуралларының техникалық характеристикасы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, усы көрсеткишлер бажыхана төлемлерин өндириўде тийкар болып хызмет етеди.

Әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде автотранспорт қуралларына бажыхана бажысы, акциз салығы, қосымша қун салығы, бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын төлем өндирилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасының сыртқы экономикалық жумысын және де тәртипке салыў  ҳәм бажыхана тарифин тәртипке салыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, сырт елде ислеп шығарылған автотранспорт қуралларына өндирилетуғын бажыхана бажылары ҳәм акцизге тартылатуғын товарларға акциз салығы ставкалары көрсетилген. Усы қарарға тийкарланып, автотранспорт қураллары ислеп шығарылған мәмлекетке, жылына, автотранспорт қуралларының характеристикасына қарап импорт бажыхана бажы ҳәм акциз салығы ставкалары бажыхана қунынан 20 проценттен 70 процент ҳәм буған қосымша түрде двигательдиң жумыс көлеминиң ҳәр бир см3 ушын 3 АҚШ доллары муғдарында қолланылады.

Өзбекстан Республикасы менен еркин саўда тәртибин нәзерде тутатуғын келисимлерге қол қойған, еркин саўда зонасын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимниң қатнасыўшылары болған мәмлекетлер (Беларусь, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Молдова, Россия Федерациясы, Түркменстан, Украина, Тәжикстан, Әзербайжан)де ислеп шығарылып, усы келисим шәртлерине тийкарланып зәрүр дәрежеде рәсмийлестирилген СТ-1 формадағы келип шығыў сертификаты тийкарында алып кирилген автотранспорт қуралларына бажыхана бажылары өндирилмейди.

Жоқарыда көрсетилген қарарға муўапық, акциз салығы ставкалары автотранспорт қуралларына 20 проценттен 70%+3$см3  тәризинде белгиленген болып, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы ҳәм Украинадан алып кирилип атырған, усы мәмлекетлерде ислеп шығарылған автотранспорт қуралларына 2 процент ставкасында акциз салығы өндирилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-июньдеги «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, қосымша қун салығының ставкасы 15% етип белгиленген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 30-апрельдеги «Бажыхана жыйымларының ставкалары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын жыйым товардың бажыхана қунынан 0,2%, бирақ 25 доллардан кем ҳәм 3000 АҚШ долларынан көп болмаған муғдарларда өндирилиўи белгиленген.

Мәселен, Россия Федерациясында өткен жылы ислеп шығарылған, зәрүр дәрежеде рәсмийлестирилген СТ-1 келип шығыў сертификатына ийе болған, двигателиниң көлеми 1598 см3, бажыхана баҳасы 11000 АҚШ долларына тең болған жеңил автомобильди Россия Федерациясынан Өзбекстан Республикасына алып кирилиўиндеги бажыхана төлемлерин (растаможка) есаплап көремиз:

Енди, мине усы транспорт қуралын, әне усы шәртлерде, тек СТ-1 сертификатына ийе болмаған ҳалаттағы бажыхана төлемлерин есаплап көремиз. Бунда товардың келип шығыў мәмлекети анық емес болғанлығы ушын белгиленген бажыхана бажылары еки есе өндирилетуғынлығына әҳмийет бериў керек.

Россия, Қазақстан, Украинада ислеп шығарылған ҳәм сол мәмлекетлерден алып кирилетуғын автотранспорт қуралларына бажыхана жеңилликлерине ийе болыў ушын алып кирилип автотранспорт қуралына СТ-1 формадағы келип шығыў сертификаты усыныс етилиўи шәрт. Бул формадағы сертификат болса, ислеп шығарыўшы экспортшы мәмлекетте ислеп шығарыўшы кәрхана тәрепинен ямаса усы мәмлекеттиң саўда палатасы тәрепинен егер оның ислеп шығарылыўының жергиликлилестирилиўи 50 проценттен аслам болған ҳәм жыйнаў толық процессте әмелге асырылғанда бериледи.

Соны да атап өтиў керек, баҳасы 40000 АҚШ долларына тең ҳәм оннан жоқары болған жаңа автотранспорт қуралларын импорт етиўде бажыхана бажылары 0 ставкада өндириледи. Яғный бажыхана бажылары өндирилмейди. Тек акциз, ҚҚС ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын жыйым өндириледи.

Барлық бажыхана төлемлери АҚШ долларында есапланып, рәсмийлестириў әмелге асырылып атырған күндеги Орайлық банк курсы бойынша миллий валюта – сумда төленеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.