Наўрыз байрамының пайда болыўы туўралы ерте ҳәм орта әсирлердеги бир қатар илимпазлардың бақлаўлары бизге шекем келген баҳалы мағлыўматлар қатарынан орын алады. Олардың пикирлеўинше Наўрыз байрамының түп дәреклери тиккелей жер планетасының қуяшты айланып шығыў ўақты менен байланыслы болып, тәбияттың ояныў, жаңаланыў дәўири болған ҳамал айындағы күн менен түнниң теңлесиўи тийкарғы әҳмийетке ийе болған ҳәм сол күнди Наўрыз деп белгилеген. Адамларға ҳәр жылы ҳамал айы келгенде байрамлаўды ҳәм сол күнди жаңа жыл деп қабыл етиўди, қуяш турғанша Наўрыз да турсын, деп оның турақлылығын сақлаўды қатаң итибарға алған.

Бизиң эрамыздан бурынғы дәўирлерде Наўрыз байрамы бир неше мәрте бийкарланып, бир неше мәрте қайта тикленген. Мәселен, айырым патшалар өз сорамындағы еллерде жер ҳәм малдан өндирилген салықларды өз ўақтында төлеўи ушын жылдың басын саратан айы деп белгилеген. Себеби, бул ўақытларда бир қатар егинлер писип өз өнимлерин бере баслаған, маллар да көбейип, семирип салыққа жарамлы болып қалған. Бирақ, Беруний, Омар Ҳайям мийнетлеринде атап өтилгениндей, күн менен түнниң ўақыт теңлиги басланған күнди жыл басы ретинде қабыл етиўге ҳәм оны байрамлаўға толық мүмкиншиликлердиң барлығы астрономиялық көз қарастан анық есаплап шығылып өз тастыйығын тапқан.

Көпшилик бул күнди түсингеннен кейин Наўрыз деп атады ҳәм байрамлаўды әдетке айландырды. Патшалар ҳәм басқа барлық адамлар  оны байрам деп қабыл етти. Омар Ҳайям Каюмарс ҳаққында да мынадай мағлыўматларды келтиреди: Каюмарс жыл есабының басланыўы сыпатында бул күнди белгилегенде үш жүз алпыс бес күн ишинде жердиң қуяшты бир айланып шығыўына туўра келетуғын қуяш жылын ҳәр бири 30 күннен ибарат он еки айға бөлди ҳәм оларды уллы Изид дүньяға жиберген он еки периште атлары менен белгиледи. Соңынан ол үш жүз алпыс бес күнлик түн ҳәм күндиздиң шерегинен ибарат уллы ўақытты «Уллы жыл» деп атады ҳәм оны төрт бөлекке бөлди. Үлкен жылдың төрт бөлеги өткенде Үлкен Наўрыз болады ҳәм Дүньяның жағдайы жақсыланады деп баҳалаған. Патшалардың бир әдети бар: Жыл басында олар адамларға пәтия берип, сәнелерди белгилеўи, рәҳәтлениўи, қуўаныўы ушын белгили бир мәресимлердиң шөлкемлестирилиўи зәрүр болған. Кимде ким Наўрыз күнин байрамлап рәҳәтленсе, кейинги Наўрызға шекем шадлықта ҳәм тынышлықта жасайды делинген.

Олар Наўрыздың жаңа күн екенлигин тийкарлап, жердиң қуяшты айланып шыққан ўақтын байрам сыпатында өткериўге мүнәсип екенлигин дәлиллеп береди. Салықты елден толық өндириў ушын оған алдын-ала таярлық көриўдиң әҳмийетин түсиндиреди. Ал, бундай таярлық ҳамал айынан басланады. Сол айда исленген илажлардың барлығы гүзги күн менен түнниң теңлесиў ўақтында өз нәтийжесин береди. Салық өндириў жумыслары сол ўақытқа қалдырылса мақул болады. Салық өндириўдиң ўақтын Наўрыз бенен (Жаңа рузыгершилик) байланыстырыў надурыс екенлигин дәлиллеп береди. Себеби, пуқараларда наразылық оятыў патшалардың абырайының төменлеўине тәсир етеди, деп белгиленген.

Ҳаслында бизиң эрамызға шекемги дәўирлерде Наўрыз байрамы патшаларды сыйлықлаў менен басланған. Патшалардың әўладларынан бөлек болған, елге қәдирли бир адам патшаның алдына келип бир қушақ жаңа көгерип киятырған арпа талшықлары менен, қымбат баҳалы буйымлар, қағаз-қәлемлерди саўға еткен. Алғыснамалар айтқан. Оларда, патшасының дин ушын еркин болыўы, әдил ҳәм ҳақыйқатшыл болыўы, ата-бабалардың дәстүрлерин ҳүрмет етиўи, жаслығының арпа талшықларына усап жайнап турыўы, шашларының ағармаўы, улыўма барлық жумысларында әўметли болыўы, хызметкерлерге, илимпазларға иззетли, мәрҳаматлы болыўы, сарайының салтанатлы, өмириниң узақ болыўы сыяқлы тилеклерди билдирген. Кейин, патшаның бир қолына мәй толтырылған қадақ берилип, бир қолына арпа нәлшелери услатылған. Егерде патшаның кеўли шад болса, ели, халқы да шад болады деген түсиник болған.

Бизиң эрамызға шекемги дәўирлерде Наўрыз байрамында арпа (арпа нәлшелери) өнимлери айрықша әҳмийетке ийе болған. Сол дәўирлердеги арпаның пайдасы ҳаққындағы бир қатар мағлыўматлар бизге шекем жетип келген. Мәселен, ол басқа дән өсимликлерине қарағанда тез писеди. Қырық күн ишинде қамбадан қамбаға түседи. Қандай жерге тасласаң да, ол тез өнип шығады. Арпа шөп ретинде де, аўқат ретинде де жарамлы. Айтыўларына қарағанда, ол қанды таза сақлайды, қан ҳеш қашан бузылмайды ҳәм тамырлардан қан алдырыўға ҳеш қандай мүтәжлик қалмайды. Тағы ол қан, өт қалта кеселликлериниң алдын алады. Ол белгили жигирма төрт түрли кеселликке ем. Солардан күйик, безгек, терлеме, жөтел, ысытпа, өкпе кеселликлери, жуўан ишек тығылмасы, суў жара, бас, көкирек, баўыр, асқазан, сүйек сынығы, буўын аўырыўлары, сары қышыма (майы), аяқ сүйегиниң күшсизлениўине даўа дәри шөп ретинде қабыл етилген.

Жылдың жақсы ямаса жаман келиўи арпаға қарап белгиленген. Егер арпа тик ҳәм қалың өссе жыл зүрәәтли, жатып ямаса сийрек өссе жыл зүрәәтсиз болады, деп болжаған.

Рәўиятларға қарағанда Расул алайҳи-с-алам «Нанлардың ишинде ең жақсы нан – арпа наны», деген екен. Айтыўларға қарағанда, Адам ата қадаған етилген бийдайды жеп бейиштен қуўылғанында арпа жеп тиришилик еткен ҳәм арпаны жақсылықтың, тынышлықтың дәреги, деп түсинген. Солай етип, ески дүньяның адамлары ҳәр жылы Наўрыз келгенинде, пайдалы ҳәм тойымлы болғаны ушын арпадан ҳәр қыйлы тағамлар писириўди әдетке айландырған екен.

Омар Ҳайямның рисаласында бийдайға, бийдайдың кепегине де жоқары баҳа берилген. Бирақ, бизиң мағлыўматларымызда ҳәзирги күнлерге шекем жетип келген, Наўрыз күнлеринде сүмелек (бийдайды өндирип қайнатыў) писириў дәстүри тилге алынбаған. Солай болса да, арпа менен бийдайдың бурыннан Наўрыз бенен байланыслы болған өзгешеликлериниң мол екенлигине гүманланыўға болмайды. Себеби,бир-бирине алыс-жақын жасап атырған халықлардың миллий ўәкиллери өзлериниң ишки мүмкиншиликлерине ылайық әмелий илажларды иске қосыўға ҳәрекет етеди ҳәм тийкарғы дәреклердиң ең зәрүр элементлерин сақлап қалыўды басшылыққа алады. Сонлықтан, Орта Азияда жасайтуғын дерлик барлық халықлар Наўрыз байрамының бас белгиси ретинде өндирилген бийдайдан сүмелек қайнатыў дәстүрин сақлап келген. Бир-бирин мийман етип ямаса биргеликте өзлериниң жаңа жылын жақсы нийетлер менен күтип алыў мақсетинде, сол жылдың табысы мол, әўметли, дәўлетли жыл болыўы ушын тилеклеслик тымсалы ретинде қабыл етилген.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги сүмелек қайнатыў дәстүрлерине тийкар болған ерте ўақытлардан арпа талшықларын ямаса бийдай талшықларын саўға ретинде усыныў басқышлары кем-кемнен оларды қайнатып аўқат қәлпине келтирип таярлаў менен байланыслы раўажланған болыўы керек. Себеби, дийқаншылық, шарўашылық, өнерментшилик, балықшылық кәсиплери менен шуғылланған қәўимлер жаңа жылды күтип алыў ўақтында тилеклериниң қабыл болыўы ушын көгис өнимлерди таяр ҳалына келтирип пайдаланыўды, яғный, жыл даўамында исленетуғын жумыслардың нәтийжелериниң сапалы болыўын тәмийинлеўши Наўрыз байрамын, оның қандай жағдайда шөлкемлестирилиўинен ғәрезли деп түсинген. Әлбетте, ата-бабаларымыз «жақсы нийет – ярым ырыс» деп бийкарға айтпаған.

Наўрыз байрамының тағы бир тийкарғы атрибутларының бири – «Наўрыз гөже» деп аталған тағам болып табылады. Олар халық түсиниги ҳәм тәжирийбелери бойынша жети түрли аўқатлық затлардан исленген. Көпшилигин дән өнимлери қурайды. Мәселен, жүўери, мәш, лобия, бийдай, арпа, суў, дуз бирикпелеринен ибарат болған аўқат молшылықтың дәреги есапланған. Ата-бабаларымыз жети санын қәсийетли сан сыпатында баҳалап, усы жети зат араластырылып писирилген аўқат руўхый ҳәм материаллық зәрүрликлеримизди қанаатландырыўға себепши болады, деп түсинген. Ҳәр жылы Наўрыз байрамында қолланылатуғын усы дәстүр өзиниң әҳмийетин елеге шекем сақлап киятырғанлығы айрықша дыққатқа ылайық.

Әлбетте, ҳәзир өткерилип атырған Наўрыз байрамлары заманымыздың мәдений ҳәм социаллық талапларына толық жуўап беретуғын дәрежеде шөлкемлестирилип атыр. Олардың мазмуны тереңлести.

Ең мазмунлы ҳәм қуўанышлы тәрепи Наўрыз жаңа тилек, үмитлер байрамы, гөззаллық байрамы, абаданшылық, тоқшылық, татыўлық байрамы сыпатында неше мың жыллардың өтиўине қарамастан өзиниң тийкарғы пайда болыў дәреклерине садық ҳалында даўам етпекте.

Ж.Хошниязов,

филология илимлериниң докторы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.